Академик студент-жаслар менен сәўбетлести
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Т.Н.Қори Ниёзий атындағы Өзбекстан Педагогика илимлери илимий-изертлеў институтының директоры, академик Холбой Ибраимов пенен ушырасыў болып өтти,-деп хабар бермекте НМПИ баспасөз хызмети.

Дәслеп академик институттағы Әжинияз музейинде болып, бул жердеги экспонатлар менен танысты. Соң институтта жаслардың оқыўы, билим алыўы, теориялық билимлерин беккемлеўи ушын жаратылған шараятларды көрип, лабораториялар, мәлимлеме-ресурс ҳәм IT-инкубациялық орайларының жумыслары менен танысты.
Илаж «Академик ҳәм жаслар» атамасындағы ушырасыў менен даўам етти.

Онда сөзге шыққанлар бул илаж илимий, жәмийетлик ҳәм мәдений тараўларда пикир алмасыў, тәжирийбе ҳәм билимлерин ортақласыўда үлкен әҳмийетке ийе екенлигин атап өтип, академик ҳәм жас излениўшилер, студентлер арасында байланыс орнатыўдың нәтийжели усылы екенлигине айрықша тоқталды.

Ҳақыйқатында да, бундай ушырасыўлар жаслардың илимий потенциалын арттырыў, оларды илим, технология, инновация ҳәм социаллық раўажланыў тараўларындағы жаңалықлар менен таныстырыўда үлкен әҳмийетке ийе. Ушырасыўда академик Холбой Ибраимов жасларға өз тәжирийбелери ҳаққында айтып берип, оларға илим жолында өз орнын табыўы ушын баҳалы мәсләҳәтлер берди.

Буннан соң академик институттың профессор-оқытыўшылары ҳәм институт әтирапындағы мәкан пуқаралар жыйынларының турғынлары менен сәўбетлесип, илимий-изертлеў жумыслары менен бирге социаллық мәселелер, экология, турақлы раўажланыў сыяқлы әҳмийетли мәселелер бойынша да пикир алысылды.

Өткерилген ушырасыўлар даўамында академик жасларға, профессор-оқытыўшылар ҳәм аймақ турғынлары болған жасы үлкен нураныйларға китаплар саўға етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.