Криминоген жағдайды таллаў, мәнзилли қадағалаў илажлары арқалы ҳуқықбузарлықлардың алды алынады

Мәмлекетимиз басшысының «Ишки ислер уйымларының жас өспиримлер арасында ҳуқықбузарлықлар профилактикасына байланыслы жумысын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ҳәм «Республикадағы криминоген жағдайды күнделикли таллаў жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарарлары қабыл етилди.
Бул ҳүжжетлердиң орынланыўы бойынша Бас прокуратурада Президент кеңесгөйи Д.Қодировтың басшылығында уйымлараралық мәжилис болып өтти.

Видеоселектор тәризинде өткерилген бул мәжилисте Бас прокуратура, Ишки ислер министрлиги, тараўға жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары ҳәм жуўапкер хызметкерлери, ўәлаят, район (қала) ҳәкимлери, прокурорлар ҳәм ишки ислер бөлимлериниң баслықлары ҳәм басқа жуўапкер уйымлардың ўәкиллери қатнасты.
Қарарлардың мазмун-мәниси толық сәўлелендирилип, криминоген жағдайды күнделикли таллаў ҳәм мәнзилли қадағалаў илажларын әмелге асырыў арқалы мәҳәллелерде ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыўды тәмийинлеў, бул бағдарда “мәҳәлле кесиминде” мәнзилли илажлардың нәтийжелилигин арттырыўдың жаңаша механизмлери көрсетип өтилди.

Сын көзқараста өткерилген мәжилисте жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўда жол қойылған қәте-кемшиликлер анық санлар ҳәм мысалларда көрсетип өтилип, алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.
Соның ишинде, жынаятлардың аўырлық дәрежеси ҳәм категориясына тийкарланып “республика-ўәлаят-район” принципи тийкарында муўапықластырылыўы ҳәм қатаң қадағалаў системасы жолға қойылатуғыны атап өтилип, жуўапкерлерге бул бойынша анық тапсырмалар берилди.
Буннан тысқары, Миллий гвардияның жас өспиримлер мәселелери бойынша инспектор-психологлар лаўазымлары ҳәм 2 мың штат бирлиги Ишки ислер министрлигиниң структурасына өткерилгени мәлим етилип, ишки ислер уйымлары тәрепинен жас өспиримлер менен “Шаңарақ – мәҳәлле – мектеп” принципи тийкарында мәнзилли ислесиў бағдарында анық ўазыйпалар белгилеп берилди.
ӨзА