Ушырасыўда киши бизнестеги алдағы қәдемлерди белгилеп беретуғын бес жыллық стратегия ислеп шығылғаны атап өтилди.

344

Буны халықаралық қаржы шөлкемлери де қоллап-қуўатлап, жаңа бизнес бағдарлары бойынша алдыңғы тәжирийбе, инновация, технология ҳәм халықаралық стандартларды енгизиўге жәрдемлесиўге, бул ушын ҳәзирдиң өзинде 470 миллион доллар ресурс ажыратыўға таяр.

Соның ишинде, Азия раўажланыў банки «Финанслық ен жайыў» бағдарламасы шеңберинде киши ҳәм орта бизнеске 100 миллион доллар, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки «жасыл» ҳәм инновациялық жойбарлар ушын 200 миллион доллар, Франция раўажланыў агентлиги ҳаял-қызлар исбилерменлиги ушын 30 миллион евро ажыратпақта.

Ушырасыўда усы шөлкемлердиң Өзбекстандағы ўәкилханаларының басшылары шығып сөйлеп, өзиниң пикир-усынысларын айтты.

Мәмлекетимиз басшысы олар ўәкиллик етип атырған структураларға көрсетилип атырған жәрдем ушын миннетдаршылық билдирди, бирге ислесиў және де кеңейиўи ушын барлық шараятлар жаратылатуғынын атап өтти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги