Исбилерменликке енди қәдем қойғанлар ушын «биринши имканият» принципи енгизиледи – Президент

Президент Шавкат Мирзиёевтиң киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери менен ушырасыўы даўам етпекте.
Жаңа исбилерменлер «аяққа турып алыўы» ушын, әсиресе, олар жумыс баслаған биринши жылда қоллап-қуўатлаў жүдә әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Мәселен, соңғы үш жылда 17,5 мың кәрхана шөлкемлестирилгенине бир жыл толмастан сапластырылған. Әсиресе, Самарқанд, Қашқадәрья, Хорезм, Жиззақ ўәлаятларының жуўапкерлери жаңа кәрханалар менен ислесиўде ең артта екени көрсетип өтилди.
«Буннан былай, исбилерменликке енди қәдем қойғанлар ушын «биринши имканият» принципи енгизиледи. Яғный, биринши мәрте ҳәкимшилик ҳуқықбузыўшылық ислеген исбилермен жуўапкершиликтен азат етилип, кемшиликти сапластырыў ушын имканият бериледи.
Бир сөз бенен айтқанда, жаңадан жумыс баслаған исбилерменлер биринши қәте ушын «жуўапкершиликтен қамсызландырылған» болады»,-деди Президент.
ӨзА