Жаратылған шараятлардың есабынан үш жылда 250 мың жаңа кәрхана жумыс баслады. Олардың көпшилиги «аяққа турып», жумысын кеңейтиўи ушын жер ҳәм имарат керек

«Ҳәкимлер жерлерди таңлаўда, бәринен бурын, кеңейтиў тилегинде болған, жойбары таяр исбилерменлер сораған жерлерди аукционға шығарыўы керек», деди Президент.
Мәселен, Юнусабадтағы «Мингбоев роботикс» кәрханасы майыплығы бар адамлар ушын протез ҳәм экзо-склетлер таярлап, 100 ге шамалас адамды белсенди жәмийетлик турмысқа қайтарған. Исбилермен жумысын кеңейтиў ҳәм майыплығы болған адамлар арқайын кирип-шығыўы ушын қолайлы жер сораған.
Бундай жоқары технологиялы өним жарататуғын исбилерменлерге 10 мың квадрат метрге шекемги мәмлекетлик объектлер 5 жылға бийпул ижараға берилетуғыны белгиленди.
Соның менен бирге, бул бағдарда жаңа система енгизиледи: 15 район ҳәм қалада барлық мәмлекетлик уйымлар районлар орайындағы бир көп қабатлы имаратқа көшириледи. Жаңа имаратлардың 1-2-қабатлары исбилерменлерге сатылады.
Бул районларда мәмлекетлик уйымлардан босайтуғын 150 имарат аукционда исбилерменлерге усынылады.
Быйыл киши ҳәм орта бизнес жойбарлары инфраструктурасына ажыратылыўы белгиленген 1 триллон сумға қосымша 500 миллиард сум ажыратылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги