Өзбекстанда бес жылда венчур фондлардың қатнасыўында 145 миллион долларлық 53 стартап жойбар әмелге асырылды

313

Президент Шавкат Мирзиёевтиң киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери менен ушырасыўы даўам етпекте.

Бизнести қаржыландырыўда колайлы дерек сыпатында венчур фондлар ғалаба ен жаймақта.

Өзбекстанда бес жылда венчур фондлардың қатнасыўында 145 миллион долларлық 53 стартап жойбар әмелге асырылды.

Буның еле аз екенлиги атап өтилип, 9 мәмлекетлик банк 3 венчур компания ашып, 50 миллион долларлық фонд қәлиплестиргени бизнести баслап атырған исбилерменлер ушын жүдә үлкен имканият екени атап өтилди.

– Ең әҳмийетлиси, бундай жойбарлар экономикаға жаңа бағдар, технология, инновация ҳәм жоқары қосымша қун алып киреди.

Стартап арқалы жаратылған жоқары нәтийжели инновациялық өним ямаса хызметлер техникалық регламент ҳәм стандартларға киргизиледи. Бул оларға мәмлекетлик буйыртпа ушын жол ашады,-деди Президент.

Мәмлекетимиз басшысы венчур фондлар қаржысының бир бөлегин жасалма интеллект жойбарларына бағдарлаў усынысын қоллап-қуўатлады.

ӨзА