Президент тараў ушын жаңа басламаларды алға қойды

Соның ишинде, киши ҳәм орта бизнести раўажландырыў бойынша сырт елли экспертлер менен үлкен бағдарлама ислеп шығылды. Оған 2025-жылы барлық дереклер есабынан 10 миллиард доллар ажыратылады.
“Быйыл киши ҳәм орта бизнеске 120 триллион сум ресурс бериледи. Бундай үлкен қаржы бурын ҳеш қашан болмаған.”
– деди мәмлекетимиз басшысы.
Атап айтқанда, халықты исбилерменликке тартыў ушын 22 триллион сум муғдарында жеңиллетилген ресурс ажыратылады. Соннан 2,5 триллион сум жасларға, және соншасы ҳаял-қызлар исбилерменлиги жойбарлары ушын қаратылады.
Ҳаял-қыз исбилерменлерге кредит ставкасы басқаларға қарағанда 2 процент арзан болады.
“Үй-руўзыгершилик ҳәм перзент тәрбиясынан артып, исбилерменлик пенен адамларды жумыслы, дәраматлы етип атырған ҳаял-қызларымызға қаншелли рахмет айтсақ, арзыйды,”
– деди Президент.
Быйылдан киши бизнеске 300 миллион сумға шекем кредит бериў басланды. Буннан былай бир жылда ириленип, киши яки орта кәрханаға айланған исбилерменлерге соның 150 миллион сумы гиреўсиз бериледи.
Жуўапкерлерге алдынғы кредитинен кешиккен қарызы болмаған исбилерменлерге жаңа жеңиллетилген кредит алыў имканиятын жаратыў тапсырылды.