Биргеликтеги жойбарлардың барысы додаланды

153

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров 18-март күни телефон  арқалы сөйлести.

Жетекшилер жақынласып киятырған бәҳәр ҳәм жаңаланыў байрамы – Наўрыз мүнәсибети менен бир-бирин қызғын қутлықлап, дос халықларымызға тынышлық ҳәм абаданшылық тиледи.

Өзбекстан жетекшиси Қырғызстан Президентин сөйлесиўлер табыслы жуўмақланғаны ҳәм Қырғызстан-Тәжикстан мәмлекетлик шегарасын делимитациялаў ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылғаны менен де қутлықлады.

Жоқары дәрежедеги келисимлерди, бәринен бурын, саўда, санаат кооперациясы, логистика, энергетика, аўыл хожалығы, туризм ҳәм басқа тийкарғы бағдарларда өз-ара пайдалы бирге ислесиў жойбарларын әмелге асырыў мәселелери додаланды.

Транспорт-логистика ҳәм энергетика инфраструктурасын раўажландырыў бойынша ири регионаллық жойбарларды жеделлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Өзбекстан ҳәм Қырғызстан жетекшилери болажақ жоқары дәрежедеги үш тәреплеме ушырасыўға, сондай-ақ, Самарқанд қаласында өткерилетуғын «Орайлық Азия – ЕА» саммити ҳәм Климат форумына таярлық көриў мәселелерине айрықша тоқтап өтти.

ӨзА