Бүгинги күнде елимиз халқының 49,7 проценти, яғный 18 миллион 204 мыңнан асламын ҳаял-қызлар қурайды. Олардың 8 миллион 912 мыңы аўылларда, 9 миллион 362 мыңнан асламы – 51 проценти қалаларда жасайды.
Статистикалық мағлыўматларға қарағанда, дүньяда мийнетке жарамлы халықтың үлеси 60 процентти қураса, соннан 48,7 проценти ҳаял-қызлардан ибарат. Өзбекстанда болса бул көрсеткиш 50 проценттен асламды қурайды.
Елимизде министр ҳәм министрге теңлестирилген лаўазымларда ҳаял-қызлардың үлеси 2020-жылы 3 процентти қураған болса, 2024-жылдың жуўмағына бола, 7,7 процентке жеткен.Административлик басқарыў системасында ҳаял-қызлар 30 проценттен асқан. Суд-прокуратура уйымларында ислейтуғын ҳаял-қызлардың үлеси болса 14 проценттен жоқары.
Бул мағлыўматлар Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде атап өтилди. Онда бас министрдиң орынбасары – Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Зулайҳо Маҳкамова «Шаңарақларды беккемлеў ҳәм ҳаял-қызлардың белсендилигин артырыў бағдарында әмелге асырылған жумыслар ҳаққында»ғы мәлимлемени усынбақта.
Муҳтарама Комилова,
ӨзА