Пекин қаласының Туанжу районында жайласқан Пекин Миллий Китапханасы (National Library of China), Қытайдың ең ири ҳәм абырайлы китапханаларынан бири болып табылады. Бул китапхана Қытайдың бай тарийхый ҳәм мәдений мийрасын үйрениў ушын үлкен имканиятлар жаратады.
Пекин Миллий Китапханасы 1909-жылы шөлкемлестирилген болып, Қытайдың ең әййемги китапханаларынан бири болып табылады. Дәслеп «Жингши Библиотека» атамасы менен танылған бул мәкеме 1912-жылы рәсмий түрде жумысын баслаған. Китапхана өзиниң бүгинги заманагөй келбетине жетип келгенине шекем көплеген басқышларды басып өтти.
Китапханада 8 миллионнан аслам китап, қол жазба, ҳүжжет, газеталар, журналлар ҳәм басқа да ҳәр қыйлы материаллар бар. Әсиресе, китапхананың тарийхый ҳәм әййемги дөретпелерди өз ишине алған фонды оғада әҳмийетли болып есапланады. Қытай тарийхы, философиясы, әдебияты ҳәм көркем өнери бойынша бийбаҳа қол жазбалар, әййемги баспа китаплар ҳәм мәмлекетлик архивлер усы жерде сақланады.
Заманагөй дәўир талаплары тийкарында Пекин Миллий Китапханасы санластырыў бойынша үлкен жумысларды әмелге асырған. Китапхананың санлы архивлери пайдаланыўшылар ушын электрон форматта китап ҳәм басқа да мағлыўматларды оқыў имканиятын жаратады. Интернет арқалы аралықтан пайдаланыў хызмети болса изертлеўшилер ҳәи китапханашыларға дүньяның қәлеген мүйешинен мағлыўмат алыў имканиятын береди.
Китапхананың ең баҳалы байлықларынан бири бул Қытайдың әййемги қолжазбалары ҳәм баспа шығармалардың сийрек ушырасытуғын топламы болып табылады. Соның ишинде, Сиу ҳәм Танг династияларына тийисли бийбаҳа текстлер, әййемги мәмлекетлик ҳүжжетлер ҳәм философиялық шығармалар усы китапханада жайласқан. Китапхана сондай-ақ, Қытайдың ең әййемги библиографиялық каталогларын да сақлайды.
Пекин Миллий Китапханасы тек ғана Қытайдың ишки емес, ал халықаралық көлемде де илимий бирге ислесиўин раўажландырыўға белсене қатнасады. Китапхана дүньяның ең ири китапханалары менен тығыз байланысларын жолға қойған ҳәм халықаралық китап алмасыўлары, қолжазба ҳәм илимий мағлыўматлар бойынша изертлеўлер алып барады.
Туанжудағы Пекин Миллий Китапханасы Қытайдың илмий ҳәм мәдений мийрасын сақлаў ҳәм үгит-нәсиятлаўда жетекши орын ийелейди. Ол жерде сақланып атырған әййемги дөретпелер, заманагөй санлы ресурслар ҳәм кең көлемли имканиятлар китапхананы дүнья масштабындағы илимий орайға айландырады. Илимий изертлеўлер, мәденият ҳәм билимлендириў тараўларында жумыс алып баратуғын ҳәр бир инсан ушын бул китапхана бийбаҳа дерек ҳәм билимлер ғәзийнеси болып табылады.
Нозимбек Мардонов, ӨзА
Қытай, Пекин қаласынан таярлады