Сенаттың бесинши жалпы мәжилисинде «Өзбекстан Республикасы менен Қырғыз Республикасы арасында еркинен айырылған шахсларды жазаны өтеўди даўам еттириў ушын тапсырыў ҳаққындағы Шәртнаманы (Ташкент, 2024-жыл 18-июль) ратификациялаў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.
– Шәртнамада жаза мүддетин өтеп атырған қамақтағыларды ҳүкимди орынлаў ушын өз мәмлекетине тапсырыў тийкарлары, шәртлери ҳәм тәртиплери анық көрсетип өтилген,-деди Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитетиниң ағзасы Жамила Бобоназарова. – Бул ҳүжжетте қамақтағыны тапсырыўға байланыслы қәрежетлер, келиспеўшиликлерди шешиў, еки тәреплеме байланыс тиллери, Шәртнамаға өзгерис киргизиў ҳәм оның күшке кириўи сыяқлы әҳмийетли мәселелер орын алған. Шәртнамада Өзбекстан ҳәм Қырғызстан бас прокуратуралары тәреплердиң орайлық уйымлары етип белгиленген.
Сенатор Гулнора Маъруфованың атап өтиўинше, бул Шәртнамада Тәреплер өз-ара шәртлерге муўапық бир-бириниң сораўы бойынша ҳүким шығарыўшы Тәреп аймағында жынаят ислегени ушын жазаны орынлаў мәкемелеринде еркинен айырыў түриндеги жазаны өтип атырған шахсларды пуқаралығы болған Тәрепке өткериў тәртиплериниң белгилениўи мақсетке муўапық болмақта. Себеби, жынаят ислеў ақыбетинде еркинен айырылған сырт ел пуқараларына белгиленген жазаны өз мәмлекетинде өтеўи ушын имканият жаратылыўы оларды қайта тәрбиялаў ҳәм социаллық бейимлестириў процесин жеделлестиреди.
Сенатор Ўктамжан Охуновтың атап өтиўинше, Шәртнама адамгершилик принциплерине тийкарланған әҳмийетли ҳүжжет болып есапланады. Бул ҳүжжетте қамақтағыны тапсырыўға байланыслы қәрежетлер, келиспеўшиликлерди шешиў, еки тәреплеме байланыс тиллери, шәртнамаға өзгерис киргизиў ҳәм күшке кириўи сыяқлы әҳмийетли мәселелер орын алған.
Сенаторлар мақуллаған нызам қамақтағылардың ҳуқықларын тәмийинлеўге хызмет етеди. Олардың шаңарақлық қатнасықларына унамлы тәсир етеди ҳәм жәмийетлик турмысқа бейимлесиўин тезлестиреди.
Норгул Абдураимова,
Носир Ҳайдаров (сүўрет),
ӨзА