Өзбекстан ҳәм Тәжикстан жетекшилери биргеликтеги кооперациялық жойбарларды жеделлестириў зәрүр екенлигин атап өтти

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 18-март күни Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон менен телефон арқалы сөйлести.
Сөйлесиў алдында мәмлекет басшылары жақынласып киятырған Наўрыз байрамы мүнәсибети менен бир-бирин қызғын қутлықлап, беккем денсаўлық, абаданлық ҳәм табыслар, дос халықларымызға тынышлық-парахатшылық ҳәм раўажланыў тиледи.
Жоқары дәрежеде қабыл етилген келисимлерди әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Жедел сиясий сөйлесиўди даўам еттириў, экономиканың тийкарғы тармақларында кооперациялық жойбарларды, жедел мәдений-гуманитарлық ҳәм аймақлараралық алмасыў бағдарламаларын қоллап-қуўатлаў ҳәм алға қойыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Март айының ақырында Тәжикстанда болажақ үш тәреплеме ушырасыўға ҳәм быйыл апрель-май айларында мәмлекетимизде өтетуғын «Орайлық Азия плюс» форматындағы саммитлерге таярлық көриў мәселелери көрип шығылды.
ӨзА