Өзбекстан-Франция: келисимлер орынланыўында парламентлик қадағалаўдан нәтийжели пайдаланыў зәрүр

Ҳәзирги ўақытта Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси өз жумысын баслады. Мәжилис басында төменги палата Спикери Н.Исмоилов усы жыл 11-13-март күнлери Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Франция мәмлекетине сапарына тоқтап өтти:
– Мәмлекетимиз басшысының Францияға рәсмий сапары ҳәр тәреплеме пайдалы өтти. Мәмлекет басшысының ушырасыўлары даўамында экономика, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў, санлы ҳәм инновациялық технологиялар, энергетика, туризм, транспорт инфраструктурасы сыяқлы көплеген тараўларда бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша әҳмийетли қарарлар қабыл етилди. Еки мәмлекет арасындағы стратегиялық шериклик ҳаққындағы декларацияға қол қойылғаны сапардың тийкарғы нәтийжелеринен бири болды, десек дурыс болады. Бул ҳүжжет еки тәреплеме узақ мүддетли, турақлы ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди тәмийинлеўде әҳмийетли орынға ийе.
Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысы 13-март күни Париж қаласындағы Бурбон сарайында Франция Миллий мәжилиси Баслығы Яэль Барун-Пиве менен ушырасыў өткерди. Онда еки мәмлекет арасындағы парламентлераралық алмасыўды және де кеңейтиў мәселелери көрип шығылып, Өзбекстан-Франция парламентлераралық форумын шөлкемлестириў ҳәм «жол картасы» тийкарында дослық топарларының жумысын қайта тиклеў мәселелери додаланды.
Әлбетте, парламентлераралық қатнасықларды раўажландырыўда белсене болыў, сапар даўамында ерисилген келисимлерди турмысқа енгизиў ушын ҳуқықый тийкарларды беккемлеў ҳәм парламентлик қадағалаў институтларынан нәтийжели пайдаланыўымыз керек болады, – деди Спикер.
Муҳтарама Комилова, ӨзА