Өзбекстан Евроазия раўажланыў банкине ағза болады

Сенаттың бесинши жалпы мәжилисинде «Өзбекстан Республикасының Евроазия раўажланыў банкин шөлкемлестириў ҳаққындағы Келисимге (Астана, 2006-жыл 12-январь) қосылыўы ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.
Келисимниң тийкарғы мақсети инвестиция жумысы арқалы оған қосылған қатнасыўшы мәмлекетлердиң экономикалық өсиўине ҳәм олардың арасындағы саўда-экономикалық қатнасықларды кеңейтиўге жәрдем бериў болып есапланады.

– Усы ҳүжжетке бола, бул банк өз жумысын халықаралық шәртнамалар, халықаралық ҳуқық, улыўма тән алынған банк жумысының принциплери ҳәм нормаларына муўапық әмелге асырыўы, сондай-ақ, Банк режеси бул Келисимге қосымша етилген ҳалда тастыйықланыўы нәзерде тутылған – деди Сенаттың Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар , сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитети баслығының орынбасары Одилжон Маматкаримов. – Сондай-ақ, Банк режесинде Евроазия раўажланыў банкиниң жумысы, мақсет ҳәм ўазыйпалары, функциялары, жеңилликлери, устав капиталы ҳәм оған жазылыў шәртлери ҳәм Банк басқарыўына байланыслы тәртип-қағыйдалар белгиленген.
Буннан тысқары, Евроазия раўажланыў банкине қатнасыўшы мәмлекетлердиң экономикасы ҳәм финанслық базарларының жағдайы, олардың инвестиция имканиятлары, пул-кредит ҳәм валюта айланысы, банк ҳәм валютаны тәртипке салыў тараўындағы нызамшылық нормалары ҳаққындағы мағлыўматларды топлаўы, системаластырыўы ҳәм таллаўы белгиленбекте.

Сенаторлар мақуллаған нызам Өзбекстанның Евроазия раўажланыў банкине ағза болыўы ушын ҳуқықый тийкар жаратады.
Банк жумысы шеңберинде толық ҳәм нәтийжели қатнасыў ҳуқықый тәмийинленеди, Сондай-ақ, Банкке ағза мәмлекетлердиң экономикалық өсиўине жәрдем бериў, саўда-экономикалық қатнасықларды кеңейтиў ҳәм инвестиция жумысы арқалы Евроазия аймағында интеграция процесслерин раўажландырыўға хызмет етеди.
Н.Абдураимова, Н.Ҳайдаров (сүўрет), ӨзА