Өзбекстан делегациясы Брюссельде өткерилип атырған «Пуқаралық жәмийети ҳәптелиги- 2025»де қатнаспақта

213

Брюссель қаласында Европа аўқамының Экономикалық ҳәм социаллық комитети тәрепинен «Пуқаралық жәмийети ҳәптелиги – 2025» халықаралық илажы өткерилмекте. Бул абырайлы ҳәптеликте Өзбекстан пуқаралық жәмийети делегациясы, соның ишинде, «Раўажланыў стратегиясы» орайының ўәкиллери қатнаспақта.

Халықаралық илаж инклюзивлик, демократиялық қатнасық ҳәм бирге ислесиўди раўажландырыў сыяқлы әҳмийетли мәселелерге бағышланып, глобал көлемде пуқаралық жәмийетиниң орны ҳәм роли, инновациялық  процесслер ҳәм алдынғы тәжирийбелерди додалаў ушын әҳмийетли майданға айланбақта.

Илаж шеңберинде Европаның барлық мәмлекетлеринен жетекши пуқаралық  жәмийети институтларының ўәкиллери, Европа Аўқамының тийисли  уйымлары ҳәм ағза мәмлекетлер ҳүкиметлериниң  ўәкиллери, изертлеўшилер, ғалаба хабар қураллары ҳәм халықаралық шөлкемлердиң қәнигелери қатнспақта.  Олар жәмийеттиң түрли қатламларын тартқан ҳалда, пуқаралық жәмийетиниң раўажланыўы, демократиялық институтларды беккемлеў ҳәм  пуқаралардың  сиясий процесслердеги қатнасығын арттырыў бағдарларында тәжирийбе  алмаспақта, делинеди  «Раўажланыў  стратегиясы» орайы мағлыўматында.

Усы халықаралық илажға Өзбекстан пуқаралық жәмийети делегациясы да мирәт етилген болып, қатнасыўшылар  мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер  ҳәм басқа да пуқаралық жәмийети институтларының жумысын және де  жетистириў, алдынғы сырт ел тәжирийбесин үйрениў ҳәм өз-ара бирге ислесиўди күшейтиў имканиятларын додаламақта. Соның ишинде, делегация Өзбекстанда әмелге асырылып атырған демократялық реформалар, пуқаралық жәмийетиниң  беккемлениўи ҳәм инклюзив жәмийет қурыў бағдарындағы жетискенликлер, сондай-ақ, ағымдағы машқалалар ҳәм келешектеги тийкарғы  ўазыйпалар ҳаққында халықаралық жәмийетшилик пенен пикир алыспақта.

Илаж даўамында Өзбекстан делегациясы сырт ел экспертлери менен тәжирийбе алмасыў, биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў, сондай-ақ, пуқаралық жәмийетиниң ролин арттырыўға қаратылған инновациялық басламаларды алға қойыў имканиятына ийе болмақта.

А.Рустамов, ӨзА