Жәмийетлик транспорт модернизацияланады

Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки (ЕТРБ) менен биргеликте Наманган ҳәм Нөкис қаласындағы жәмийетлик транспорт системасы раўажландырылады,-деп Транспорт министрлиги хабар бермекте.
Яғный, мәмлекеттеги қала ҳәм районларды экологиялық жақтан таза жәмийетлик транспорт пенен толық тәмийинлеў, атап айтқанда, Наманган ҳәм Нөкис қаласындағы жәмийетлик транспорт системасын жетилистириў ҳәм халыққа қолайлы жолаўшы тасыў хызметлерин жаратыў мақсетинде ЕТРБ менен биргеликте ири жойбар бойынша жумыслар басланды.
Усы банк тәрепинен қаржыландырып атырған жойбар жәмийетлик транспорт системасын халықаралық талапларға сәйкес түрде модернизациялаўды нәзерде тутады.
Жойбар шеңберинде заманагөй ҳәрекет қурамларын сатып алыў ҳәм электробус парки (депо)н шөлкемлестириў нәзерде тутылған.
Уллы Британияның Atkins компаниясы жойбардың техникалық-экономикалық тийкарларын ислеп шығады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги