ЖИМШ Бас директоры Өзбекстанға келеди

246

Елимиздиң Женевадағы БМШ бөлими ҳәм басқа да халықаралық шөлкемлер бойынша турақлы ўәкили Элдиёр Тошматов Жәҳән интеллектуал мүлк шөлкеми (ЖИМШ) Өтиў дәўири ҳәм раўажланған мәмлекетлер бөлиминиң баслығы Ҳабиб Асан менен ушырасыў өткерди. Сөйлесиў даўамында структура Бас директоры Дарен Тангтиң усы жыл 27-28-май күнлери Өзбекстанға шөлкемлестиретуғын сапарына байланыслы таярлық мәселеси додаланды.

Бул абырайлы шөлкемниң басшысы Орайлық Азияға биринши мәрте келмекте. Атап өтилгениндей, 180 нен аслам мәмлекетти бирлестиретуғын ЖИМШ интеллектуал мүлкти қорғаўды муўапықластырыў, тараўда халықаралық келисимди ҳәкимшилик жақтан басқарыўда үлкен әҳмийетке ийе. Өзбекстан 1991-жылдан ағзасы болып есапланатуғын ЖИМШтың 20 ға шамалас халықаралық ҳүжжетин ратификациялаған.

Ҳабиб Асан елимиздеги реформалар БМШ тәрепинен тән алынып атырғанын атап өтип, республикамыздың интеллектуал мүлкти раўажландырыў, экономикаға инновация енгизиў, аймақлық брендлер жаратыў бағдарындағы ҳәрекетлерин унамлы баҳалады.

Дарен Тантгтиң Өзбекстанға келиўи ЖИМШ менен бирге ислесиўди беккемлеў жолында әҳмийетли қәдем болатуғыны күтилмекте.

ӨзА