«А» полосада, тротуарлар, жасыл майданларда транспортта ҳәрекетленгени ушын жәрийма қолланылады

Тығылыслық мәселеси халық ушын ең әҳмийетли мәселелерден бирине айланды. Кейинги 2-3 жылда Ташкент қаласында 7-9 баллы тығылыслар ҳәр күни бақланып атырған болса, айырым ўақытларда бул жағдай 10 баллға шекем көтерилмекте.
Сенат жалпы мәжлисинде көрип шығылған «Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине жолларда ҳәрекетлениў қәўипсизлигин тәмийинлеўге ҳәм жәмийетлик транспорттан пайдаланыўдың нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳақкында»ғы нызам усы сыяқлы машқалалардың алдын алыўға қаратылған.
– Жолларда тығылысты азайтыў ҳәм халыққа қолайлылықлар жаратыў мақсетинде жәмийетлик транспортқа үстемлик бериў бағдарында әмелий илажлар көрилмекте, – деди Сенаттың қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитетиниң баслығы Қутбиддин Бурханов. – Атап айтқанда, Ташкент қаласында автобуслардың саны кейинги 2 жылда 2 есеге артты. Олар ушын өз алдына жоллар қойылыўы нәтийжесинде автобуслардың қатнаўындағы аралық интервалы 2 есеге қысқарды. Жолаўшылар саны 2 есеге өсип, күнделикли пайдаланыўшылардың саны 1 миллион жолаўшыға жетти. Бирақ, нызамшылықтағы бослықлар жәмийетлик транспорттан пайдаланыў нәтийжелилигиниң айтарлықтай төменлеўи, қатнаўдың турақлылығы ҳәм жәмийетлик транспорттың еркин ҳәрекетлениўине унамсыз тәсир етпекте.

Қалалық автомобиль жолларында жәмийетлик транспорт ушын өз алдына жоллар ажыратылып, басқа транспорт қуралларының ҳәрекети қадаған етилген болса да, олардың усы жолда ҳәрекетлениўи даўам етпекте.
Әмелдеги нызамшылықта жәмийетлик транспорт ушын өз алдына ажыратылған жолларда ҳәрекетленген транспорт қуралы айдаўшыларына жуўапкершилик шаралары нәзерде тутылмаған.
Соның менен бирге, айдаўшылардың транспорт қуралын велосипед жоллары, тотуарлар ҳәм жасыл аймақ майданларда басқарыўы бақланбақта ҳәм бул аймақларда ҳәрекет қатнасыўшыларының қәўипсизлигин исенимли тәмийинлеўге унамсыз тәсир етпекте.
Жолларда ҳәрекетлениў қәўипсизлигин тәмийинлеўге унамсыз тәсир ететуғын факторлардан және бири – нызамсыз түрде жасалма тосқынлықларды орнатыў, жолды тосып қойыў жағдайы болып табылады.
Пуқаралар өзи жасайтуғын аймақлардағы көшелерде нызамсыз түрде жасалма тосқынлықлар орнатыўы, жолды тосып қойыў арқалы ҳәрекетлениўди шеклеген ҳалда халыққа қыстаўлы хызмет көрсететуғын және арнаўлы транспорт қуралларының ҳәрекетине тосқынлық етпекте.
Усы бағдардағы машқалаларды шешиў мақсетинде ислеп шығылған бул нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске жаңа 128-7-статья киргизилип, жәмийетли транспорт ушын өз алдына ажыратылған жол бөлеклеринде ҳәрекетлениў қағыйдаларын бузғаны ушын жуўапкершилик белгиленбекте.

Соның ишинде, жөнелисли транспорт қуралларының ҳәрекетлениўи – базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында, әне усындай ҳуқықбузарлықты ҳәкимшилик жаза қолланылғаннан кейин бир жыл даўамында қайтадан ислесе – базалық есаплаў муғдарының үш есеси муғдарында жәрийма салыўға себеп болатуғыны белгиленбекте.
Соның менен бирге, нызам менен Ҳәкмшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 128-статьясының атамасы ҳәм биринши бөлими диспозициясы жаңа редакцияда жазылмақта.
Енди айдаўшылардың транспорт қуралларын тротуарлардан, пиядалар ҳәм велосипед жолларынан, жасыл майданлардан жүргизиўи, жол белгилери ҳәм жол ҳәрекетиниң басқа да қағыйдалары талапларына әмел етилмегени ушын жуўапкершилик белгиленбекте.
Сенаторлар мақуллаған нызам жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеўге, жол-транспорт ҳәдийселериниң алдын алыўға, жолларда жәмийетлик транспорттың ҳәрекетлениўи ушын қосымша қолайлықлар жаратылыўына хызмет етеди.
Н.Абдураимова, ӨзА