Кәмбағаллықты қысқартыў мәмлекетлик мақсетли қорының жумысы  шөлкемлестириледи

232

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети «Кәмбағаллықты қысқартыў мәмлекетлик  мақсетли қоры жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында» қарар қабыл етти.

Оған муўапық:

Кәмбағаллықты қысқартыў мәмлекетлик мақсетли қоры ҳаққындағы реже;

Кәмбағаллықты  қысқартыў мәмлекетлик мақсетли қорының Атқарыўшы  дирекциясының структурасы;

Кәмбағаллықты қысқартыў мәмлекетлик мақсетли қорының қаржылары есабынан субсидия, грант ҳәм ссудалар ажыратыў  тәриби ҳаққындағы реже тастыйықланды.

Усы қарарға муўапық, Қор Жәмийетлик ислер қоры, Өнерментшилик ҳәм үй- руўзыгершиликти қоллап-қуўатлаў қоры ҳәм Халықты исбилерменликке тартыў қорының ҳуқықлары ҳәм миннетлери ҳәм шәртнамалар, соның ишинде, халықаралық шәртнамалар бойынша ҳуқықый мийрасқоры есапланады.

2025-жыл 1-октябрьден баслап Қор қаржылары есабынан пуқараларға нақ пул түринде берилетуғын субсидия, грант ҳәм ссудалар басқышпа-басқыш социаллық карта арқалы усыныс етиледи.

Қордың Атқарыўшы директоры ҳәм оның орынбасары Қордың қәўендерлик  кеңеси тәрепинен лаўазымына тайынланады ҳәм лаўазымнан босатылады. Қордың хызметкерлери Қордың атқарыўшы директоры тәрепинен жумысқа қабыл етиледи ҳәм жумыстан босатылады.

Қордың Атқарыўшы директорының статусы, медициналық, транспорт ҳәм турмыслық тәмийнат шараятлары, сондай-ақ, Қор хызметкерлериниң мийнетке ҳақы төлеў разрядлары Қордың  қәўендерлик кеңеси тәрепинен белгиленеди.

Қордың тийкарғы мақсети, «Кәмбағал шаңарақлар реестри»не киргизилген  шаңарақ  ағзаларының бәнтлигин хошаметлеў ҳәм исбилерменликке тартыўға жәрдем бериў ушын бул шахсларға ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеўге жәрдем беретуғын юридикалық ҳәм физикалық тәреплерге субсидия, грант ҳәм ссудалар ажыратыў есапланады.

ӨзА