Социаллық қорғаў системасы және де жетилистириледи

Бир қатар нызамларға Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги тәрепинен пуқаралар (шаңарақлар)дың мағлыўматларын алыў ҳәм қайта ислеў ҳуқықын нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
Сондай-ақ, «Инсан» социаллық хызметлер орайлары тәрепинен пуқаралардың социаллық жәрдем ҳәм хызметлерден пайдаланыў, социаллық картаны рәсмийлестириў ҳаққындағы арзалардағы қол таңбаларды нотариал тастыйықлаў талап етилмейтуғыны белгиленбекте.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы Өзбекстан Экологиялық партиясы франкциясының мәжилисинде биринши оқыўда көрип шығылған халықты социаллық қорғаў системасын жетилистириўге қаратылған нызам жойбарында, әне, усы тәртиплер өз көринисин таппақта.
Мәжилисте атап өтилгениндей, «Инсан» социаллық хызметлер орайларына шахсларға социаллық картаны рәсмийлестириў (әмел етиў мүддетин созыў, алмастырыў, сапластырыў)де тийисли мағлыўматлар, соның ишинде, банк сырына байланыслы мағлыўматларды алыў ҳуқықы берилмекте.

Нызам жойбарының қабыл етилиўи мүтәж халықтың социаллық-экономикалық жағдайын ҳәр тәреплеме баҳалаў ҳәм бул арқалы мәмлекет тәрепинен көрсетилетуғын социаллық жәрдем ҳәм хызметлердиң мәнзиллигин тәмийинлеўге хызмет ететуғыны атап өтилди.
Додалаўларда фракция ағзалары жойбардағы статьяларды жетилистириў бойынша бир қатар усыныс ҳәм пикир-усынысларын билдирди.
М.Комилова, ӨзА