Дуров судтың қарары менен Францияны тәрк етти

“Телеграм”ның тийкарын салыўшы Павел Дуров өзине қозғатылған тергеў бойынша суд қадағалаўы астында жасап атырған Францияны тәрк етип, Дубайға жол алды, деп хабар берген «Тренд» мәлимлеме агентлиги.
Атап өтилиўинше, бул қарар мәмлекеттиң суд уйымлары тәрепинен мақулланған.
Еслетип өтемиз, өткен жылы 24-август күни Дуров Париждиң Ле-Бурже аэропортында қолға алынған. 28-август күни дәслепки қамақта услаў мүддети жуўмақланып, исбилермен судқа жиберилди. Тергеўши Дуровты алты түрли статья, соның ишинде жынайый топар қурамына нызамсыз әмелиятқа жол қойыў мақсетинде онлайн платформа ҳәкимшилигине қатнасыўда айыплады. Бундай ҳуқықбузарлық Париж прокуратурасының билдириўине қарағанда, 10 жылға шекем қамақ ҳәм 500 мың евро жәрийма менен жазаланыўы мүмкин. Судьяның қарары менен айыпланыўшы 5 миллион евро гиреў төлеў миннетлемеси менен суд қадағалаўына өткерилген еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги