Илҳам Алиев: бурынғы халықаралық тәртип бузылғанға уқсайды

333

Әзербайжан Президенти Илҳам Алиевтиң пикиринше, дүнья бойлап бурынғы тәртип енди жоктай.

– Биз ҳәзир жаңа қағыйда ҳәм нормалар ислеп шығылыўы басқышындамыз, – деди Алиев «Euronews» телеканалына берген интервьюинде. – Халықаралық жәмийетшиликте өз-ара қатнасықтың жаңа көриниси қандай болады? Бул ҳаққында ҳәр қыйлы пикирлер бар, бирақ анығын ҳеш ким билмейди. Ҳәр бир мәмлекет тийкарғы итибарды өз үйиниң ўазыйпасы ҳәм имканиятына қарататуғыны, ҳеш қандай жәрдемге, ҳәттеки халықаралық ҳуқыққа да сүйенбейтуғыны анық.

Қарақалпақстан хабар агентлиги