86 түрдеги товарларға экспорт бажыхана бажлары енгизиледи

2025-жыл 14-март күни Президенттиң «Өнимлер экспорты тәртип-қағыйдаларын жетилистириў ҳәм қосымша қунға ийе таяр өнимлер ислеп шығарыўды хошаметлеў илажлары ҳаққында»ғы ПП-47-санлы Пәрманы қабыл етилди.
Пәрманның мазмуны экспорт тәртип-қағыйдаларын Жәҳән саўда шөлкеминиң қағыйдаларына муўапықластырыўды нәзерде тутады.
Ҳүжжет пенен 2025-жыл 1-июльден баслап төмендеги 86 түрдеги товарларға экспорт бажыхана бажлары енгизилди ҳәм олардың ставкалары тастыйықланды:
– Тери шийки зат ҳәм ярым таяр тери өними, пилле шийки заты, пахта ийирилген жиби ҳәм трикотаж гезлеме товарларына;
(Әмелде усы товарларды экспорт етиў ушын ассоциациялардың жыйымлары белгиленген болып, ендигиден былай олар бийкар етилди.)
– Гөш өнимлери, бийдай, дән, гүриш, минерал төгинлер, былғары шийки заты, ПЭТ шығындылары, реңли металл лом ҳәм шығындыларына
(Әмелде бул товарларға Өзбекстан Республикасы Президенти яки Ҳүкиметтиң қарарлары тийкарында руқсат берилген ҳалда экспорт етиў мүмкин еди. Енди бул талаплар бийкар етилди)
Өзбекстанда қосымша қун жаратыў, қайта ислеў санаатын қоллап-қуўатлаў мақсетинде республикада ислеп шығарылатуғын стратегиялық шийки зат өнимлерине (тәбийғый газ, пахта талшығы, пахта линти, минерал төгинлер, полиэтилен, полипропилен, полистерол, полиэтилентерефталат, ПВХ, мыс шийки зат).
Атап өтилиўинше, бул Пәрман:
– експорт тәртип-қағыйдаларын және де жетилистириў,
-жергиликли шийки зат тийкарында қосымша қунлы таяр өним ислеп шығарыўды хошаметлеў,
– қайта ислеў санаатының инвестициялық тартымлылығын арттырыўға хызмет етеди-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги