Елимиздеги түрли дәрьялар ҳәм суў бассейнлеринде балық аўлаў қадаған етилмекте

Өзбекстан Республикасының 2020-жыл 8-июльдеги «Аң аўлаў ҳәм аңшылық хожалығы ҳаққында»ғы 627-санлы Нызамды ҳәм Министрлер Кабинетиниң «Өзбекстан Республикасының тәбийғый суў бассейнлеринде балық аўлаў қағыйдаларын тастыйықлаў ҳаққында»ғы 2024-жыл 9-февральдағы 80-санлы қарарына муўапық Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрьяда 11-марттан 31-майға шекем, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятындағы тәбийғый суў бассейнлеринде 26-апрельден – 10 июньға шекем балық аўлаў қадаған етиледи, деп хабар береди xabar.uz.
Сондай-ақ, басқа барлық тәбийғый суў бассейнлеринде 16-апрельден – 31-майға шекемги мүддетте балық аўлаў қадаған етиледи.
Жоқарыда көрсетилген дәўирлер балықлардың өршиўи, яғный көбейиў ўақты есапланады. Балықлар өршиў дәўиринде туқым қояды ҳәм нәсил көбейтеди. Егер бул дәўирде балықлар аўланса, олардың саны кескин азайып, түрлери жоғалыў қәўипи туўылады.
Мағлыўмат ушын, усы қарар бурынғысынан басқаша тәризде жасалма суў басейнлери ямаса ирригация тармақларындағы интенсив балық жетистириў технологиясы ҳәм аквакультураға, сондай-ақ, тор (садок) сеткаларда балық жетистирилиўи ҳәм аўланыўына жол қойылмайды.
Қадаған етилмеген дәўир ҳәм қадаған етилген аймақта балық аўлаў ҳәм балық аўлаў қағыйдаларын бузғаны ушын ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершиликке себеп болады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги