Коррупцияның алдын алыўға байланыслы тийкарғы ўазыйпалар бойынша Сенат қарары қабыл етилди

Сенат жалпы мәжилисинде Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен Коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңесиниң мәжилисинде белгилеп берилген баслы бағдарлардан келип шығатуғын ўазыйпалар көрип шығылды.
Соңғы жыллары тараўдың нормативлик-ҳуқықый тийкарларының қәлиплестирилгени, институтционаллық өзгерислер әмелге асырылғаны, коррупцияның алдын алыўға қаратылған бир қатар әмелий илажлар көрилгени атап өтилди.

Соның менен бирге, бул тараўда бир қатар кемшиликлер де бар екенлиги атап өтилди. Қурылысқа руқсат бериў, имаратты тапсырыўда өрт қәўипсизлиги бойынша бюрократия ҳәм нызам бузылыўы жағдайлары, ҳуқық қорғаў уйымлары тийкарынан коррупцияны анықлаў ҳәм жазалаў менен шуғылланып, коррупциялық факторлардың алдын алыўға, превентив илажларды көриўге итибар қаратылмағаны усылардың қатарына киреди.
Сондай-ақ, коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыўда мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердеги коррупцияға қарсы ишки қадағалаў (комплеанс қадағалаў) бөлимлериниң орны ҳәм жуўапкершилиги сезилмей атыр.
Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги тәрепинен тараўға байланыслы сырт еллердиң тәжирийбеси үйренилмеген, тараўды раўажландырыў бойынша усыныслар ислеп шығылмаған.

Денсаўлықты сақлаў, бәнтлик, банк тараўларында коррупциялық жағдайлар жоқары. Денсаўлықты сақлаў тараўында – 527, бәнтлик бойынша – 447, банклерде – 434 коррупциялық жағдай дизимге алынған.
Бюджеттен ең көп қаржы алатуғын министрликлердеги коррупциялық факторлар анықланбаған, үйренилмеген ҳәм талланбаған.
Районларда, мәҳәллелерде инфраструктураға жалғаныў, лицензия алыў, жеңиллетилген кредит ажыратыў, жумысқа қабыллаў, тәжирийбе арттырыў сыяқлы турмыслық коррупциялық жағдайлар көбейген.

Тергеўши, прокурор ҳәм судьялар қолындағы ис бойынша тек ғана уйымларға усыныс хаты ҳәм жеке ажырым киргизиў менен шекленбекте. Коррупцияға қарсы гүресиў аймақлық кеңеслериниң жумысы талапқа жуўап бермейди, олар мәҳәллелер менен өз-ара бирге ислеспеген.
Мәмлекетлик хызметлер бойынша мәмлекетлик уйымлар ҳәм халық арасындағы қатнасықларды баҳалайтуғын система жолға қойылмаған. Прокурор, ишки ислер ҳәм салық уйымлары басшыларының коррупцияның алдын алыў бағдарындағы жумысы талапқа жуўап бермейди.
Сенаторлар бундай кемшиликлерди сапластырыў бойынша мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте коррупцияға қарсы гүресиўдиң нызамшылық тийкарларын жетилистириў, жынаятшылықтың алдын алыў бойынша аймақлар (мәҳәллелер)дағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў зәрүр екенлигине итибар қаратты.
Соның ишинде, орынлардағы турмыслық коррупцияны сапластырыў, жынаят ислеген шахслар менен индивидуал ислесиў системасын жолға қойыў, халықтың ҳуқықый санасы ҳәм ҳуқықый мәдениятын жоқарылатыў, коррупцияға қарсы маўасасыз қатнасты қәлиплестириў менен байланыслы кең көлемли илажларды әмелге асырыў ҳәм Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша аймақлық кеңеслердиң жумысын түп-тийкарынан жақсылаў керек.
Додалаў соңында жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм коррупцияның алдын алыў бағдарында әмелге асырылатуғын баслы ўазыйпалар бойынша Сенаттың қарары қабыл етилди.
Н.Абдураимова,
Н.Ҳайдаров (сүўрет), ӨзА