IT Park резидентлери арасында экспортшылардың саны артты

402

2025-жылдың дәслепки еки айында Программалық өнимлер ҳәм мәлимлеме технологиялары технологиялық парки IT ҳәм сервис хызметлерин экспорт етиўге қаратылған 204 жаңа резидентлерди қабыллаған.

Программалық өнимлер ҳәм мәлимлеме технологиялары технологиялық парктен алынған мағлыўматларға қарағанда, жаңа резидентлер өз жумысының дәслепки жылында 2400 ден салам жумыс орынларын жаратыў арқалы мәмлекеттиң жоқары технолоиялар секторын раўажландырыў ҳәм маман қәнигелердиң санын көбейтиўге үлес қосыўды режелестирмекте. Бизнес-режеге бола, олар экспортының мақсетли көлеми 31 миллион доллардан асып, Арқа Америка, Европа Аўқамы мәмлекетлери, Түркия, БАӘ, Қытай ҳәм басқа да мәмлекетлердиң үлесине туўра келеди.

Атап айтқанда, «Oneglobal» ҳәм «Soluxe Events» компаниялары, АҚШ, Ҳиндстан ҳәм ҒМДА мәмлекетлериндеги қарыйдарлар ушын аутсоринг пенен шуғылланады. Түркияның «Bookingmaniaa» ҳәм Ҳиндстанның «Inteli AI» компаниялары өз итибарларын программалық тәмийнат ислеп шығыўға қаратады.

Израильдың «Servionix Solutions» ҳәм «Smart Software Solutions» фирмалары, сондай-ақ, Грузияның «Gegidze CA» компаниясы программалық тәмийнатты оптималластырыў ҳәм оны сыртқы базарларға сәйкеслендириў бойынша жумысларды шөлкемлестиреди. Бул компания 115 хызметкерди жумысқа алатуғыны ҳаққында дағаза берген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги