Пакистан бас министри Өзбекстан елшисин қабыллады

247

Пакистан Ислам Республикасы Бас министри Муҳаммад Шаҳбаз Шариф Өзбекстан Республикасы елшиси Алишер Тўхтаевты қабыллады.

Пакистан Бас министри Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевқа өзиниң жалынлы сәлемин жеткериўди сорады ҳәм Ташкентке әмелге асырылған сапар барысында өзи ҳәм делегациясына көрсетилген миймандослық ушын терең миннетдаршылық билдирди.

ПИР Ҳүкимет басшысы сапар етиў шеңберинде еки мәмлекет арасында жоқары дәрежедеги жетискенликлерге ерисилгени, өз-ара қатнасықлар жаңа басқышқа алып шығылғаны, соның ишинде, жоқары дәрежедеги Стратегиялық шериклик кеңеси дүзилгени, ҳәр қыйлы тараўларда бир қатар әҳмийетли келисим ҳәм меморандумларға қол қойылғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Бас министр Ш.Шариф Ташкенттен қайтқаннан соң, тийисли тараў министрлерине жоқары дәрежеде ерисилген келисимлердиң өз ўақтында орынланыўын тәмийинлеў бойынша тапсырма бергенин билдирди.

Экономикалық дипломатия бағдарындағы бирге ислесиўди жеделлестириў, саўда-экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын анық белгилеп алыў, еки тәреплеме саўданы кескин арттырыў зәрүрлигине итибар қаратылды. Пакистан бас министри өз-ара товар алмасыўдың көлемин 2 миллиард долларға жеткериў бойынша «Жол картасы»н ислеп шығыў зәрүрлигин атап өтти.

Санаат кооперациясы ҳәм инвестициялық бирге ислесиў мәселелери де айрықша көрип шығылды. Автомобиль қурылысы, таў-кән санааты, мәлимлеме технологиялары, қайта тикленетуғын энергетика, қурылыс материалларын ислеп шығыў, инфраструктуралық объектлерди биргеликте қурыў тараўларында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў өз­-ара бирге ислесиўдиң жаңа бағдарлары сыпатында көрсетип өтилди.

Еки мәмлекет исбилерменлери арасында тиккелей сөйлесиў платформасын қәлиплестириў, банклераралық операцияларды буннан былай да әпиўайыластырыў, турақлы тийкарда бизнес-форумлар ҳәм аймақлараралық бирге ислесиў илажларын өткериўдиң зәрүрлиги айрықша атап өтилди.

Трансаўған темир жолы қурылысын жеделлестириў, өз-ара авиақатнаўлар санын арттырыў ҳәм пәрўазлар географиясын кеңейтиў, туризм ҳәм мәдений илажларды шөлкемлестириў регионаллық байланыслылық басламасын турмысқа енгизиўдиң үзликсиз бөлеги болып есапланатуғынына итибар берилди.

ӨзА