Суў кодекси: суўдан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм қорғаў тәмийинленеди

Мәмлекетимизде суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў, суўғарылатуғын жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў бойынша системалы илажлар әмелге асырылмақта.
Тараўда алып барылып атырған реформалар нәтийжесинде өткен әсирдиң 90-жылларына қарағанда суўдан пайдаланыў жылына 64 миллиард метр кубтан ҳәзирги күнде орташа 51 миллиард метр кубқа шекем азайған.
Бул Сенаттың жалпы мәжилисинде «Өзбекстан Республикасының Суў кодексин тастыйықлаў ҳаққында»ғы нызамды додалаў процесинде атап өтилди.

Бирақ избе-из реформалар ҳәм жүз берген түпкиликли өзгерислер, жаңа раўажланыў стратегиясын қәлиплестириў ҳәм суў қатнасықларының социаллық-экономикалық тийкарларының өзгериўи суўға байланыслы нызамшылықты қайта көрип шығыў зәрүрлигин пайда еткен.
Бул мәселе бойынша баянат жасаған Сенаттың Аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология комитетиниң баслығы Анвар Тўйчичев нызам менен тастыйықланып атырған Суў кодексинде суў қатнасықлары тараўындағы тийкарғы ҳуқықый ҳүжжетлердиң системаластырылғанын атап өтти.

Соның ишинде, суўға байланыслы қатнасықларды тәртипке салыў тараўындағы Министрлер Кабинети, министрлик ҳәм уйымлар, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының ўәкилликлери, ўазыйпалары ҳәм функцияларына анықлық киргизилмекте.
Сондай-ақ, суў хожалығында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмлерин енгизиў шәртлери, суў алыў тәртибин бузғаны ушын жуўапкершилик мәселелери, суўға байланыслы қатнасықларда халықаралық бирге ислесиўдиң тийкарға бағдарлары белгилеп берилмекте.
Суў кодексиниң қабыл етилиўи суўдан ақылға уғрас пайдаланыў, суў ресурсларын нәтийжели басқарыў ҳәм қорғаўды тәмийинлейди. Тараў бойынша мәмлекетлик уйымлардың бир-бирин тәкирарлаўшы ўәкилликлери менен байланыслы мәселелер шешиледи. Суў жеткерип бериўшилер ҳәм тутыныўшылардың жуўапкершилиги артады.

Сондай-ақ, нызам мәмлекеттиң суў қәўипсизлигине ерисиўине хызмет етеди. Онда суў тамтарыслығы күшейип баратырған дәўирде барлық экономика тармақлары ҳәм қоршаған орталықтың суўға болған талабын қанаатландырыў, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, суў инфраструктурасы ҳәм суўғарылатуғын жерлердиң жағдайын жақсылаў сыяқлы мәселелер қамтып алынған.
Буннан тысқары, суў хожалығын узақ мүддетли раўажландырыўдың ҳуқықый тийкарлары жаратылып, суў ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў, тараўға инвестицияларды тартыў ҳәм технологиялық модернизациялаў қоллап-қуўатланады.
Сенаторлар мақуллаған нызам халықаралық суў ҳуқықы нормаларын миллий суў нызамшылығына сиңдириў ҳәм Өзбекстанның халықаралық майдандағы имиджин жақсылаўға хызмет етеди.
Н.Абдураимова,
Н.Ҳайдаров (сүўрет), ӨзА