Ыссылық энергиясы менен тәмийинлеў тараўы түп-тийкарынан реформаланады

«Турақ жай ҳәм имарат-қурылмаларды ыссылық энергиясы менен тәмийинлеў тараўын түп-тийкарынан реформалаў ҳәм имаратлардың энергия нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.
Қарарға муўапық, турақ жай ҳәм имаратларды ыссылық энергиясы менен турақлы тәмийинлеў ҳәм имаратлардың энергия нәтийжелилигин арттырыўдың келеси 5 жылдағы тийкарғы бағдарлары етип төмендегилер белгиленди, соның ишинде:
– тараўда бирден-бир мәмлекетлик сиясатты жүргизиў, алдынғы сырт ел тәжирийбелери тийкарында стратегиялық усынысларды ислеп шығыў, ыссылық тәмийнаты кәрханаларының жумысын басқарыўшы ҳәм муўапықластырыўшы шөлкем шөлкемлестириў;
– орайласқан ыссылық тәмийнатына қосылмаған төрт ҳәм оннан жоқары қабатлы көп квартиралы турақ жайлардың ысытыў системасында локал қазанханалар қурыў ҳәм басқа альтернатив технологияларды енгизиў есабынан бир шаңарақтың газге болған талабын кеминде 20 процентке азайтыў.
Төмендеги илажлар әмелге асырылады, соның ишинде:
– орайласқан ыссылық системаларындағы ескирген 103 қазанхана ҳәм 1,6 мың километр ыссылық тармағы жаңаланады;
– мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында 9, халықаралық қаржы институтларының қатнасыўында 13 қала ҳәм районда модернизация жойбарлары әмелге асырылады;
– орайласқан ыссылық тәмийинатының қамтып алыныўы 37 проценттен 58 процентке шекем жектериледи, системадағы шығынлар 38 проценттен 20 процентке шекем қысқартылады.
Қарарқа муўапық, Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлиги жанында «Ыссылықтәмийнаты» АЖ шөлкемлестириў ҳәм министрликке ыссылық тәмийнаты тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты жүргизиў жүкленеди.
2025-жыл 1-июньнен:
– қаржыландырыў дәреклерине қарамастан қурылыста техникалық шәртлер алыныўы талап етилетуғын имарат-қурылмаларды қурыў ҳәм реконструкциялаўды жойбарластырыўда бул объектлердиң жойбар ҳүжжетлеринде имаратлардың өз мүтәжликлери ушын қайта тикленетуғын энергия дәреклери қурылмалары ҳәм альтернатив ыссылық системалары ҳәм энергия үнемлейтуғын үскенелерди мәжбүрий орнатыў талабы киргизиледи;
– көп квартиралы турақ жайлар ҳәм имаратлардың ишки ыссылық ҳәм ыссы суў тарқатыўшы системаларының қурылысы, комплекслер ҳәм тармақларда есаплағышлардың толық орнатылыўы мәжбүрий есапланады;
– орайласқан ыссылық тәмийнаты бар аймақларда жаңадан қурылып атырған көп квартиралы турақ жайлар, ҳәкимшилик имаратлар, социаллық тараў мәкемелери, санаат ҳәм исбилерменлик субъектлери имарат ҳәм комплекслериниң ыссылық тармақларына қосылыўы мәжбүрий есапланады.
ӨзА