Өзбекстан ҳәм Беларусь: өз-ара саўда айланысы 600 миллион доллардан асқан

234

Олий Мажлис Сенатына Беларусь Республикасының Өзбекстандағы елшиси А.Огордников келди.

Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитети баслығының орынбасары О.Маматкаримов пенен ушырасыўда еки мәмлекет арасындағы саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық ҳәм туризм тараўларындағы бирге ислесиў додаланды.

Еки мәмлекет арасындағы жыллық саўда айланысы 600 миллион АҚШ долларынан асқаны атап өтилди.

Беларусь елшиси Минскте өткерилген биринши Беларусь – Өзбекстан туристлик форумы ҳаққында мағлыўмат берип, усы жылы Ташкентте екинши форум өткерилиўи режелестирилгенин атап өтти. Сондай-ақ, усы жылдың 20-21-август күнлери Витебск қаласында үшинши Беларусь-Өзбекстан ҳаял-қызлар форумы болып өтиўи мәлим етилди.

Ушырасыўда 5-9-апрель күнлери Ташкентте Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей ассамблеясы өткерилиўи ҳәм онда 190ға шамалас мәмлекеттен 2 мыңға шамалас парламент ағзалары қатнасыўы додаланды. Беларусь делегациясы усы илажда жоқары дәрежеде қатнасатуғыны мәлим етилди.

Н.Абдураимова,

ӨзА