Қайырқомлық илажларына исбилерменлер де қатнаспақта

248

“Әҳмийетли бир айлық” илажы шеңберинде республикамыздағы кем тәмийинленген шаңарақларды қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың жасаў шараятларын жақсылаў бағдарында да бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Усы мақсетте Өзбекстан саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының басламасы менен “Муратбек мебель” ЖШЖ директоры, исбилермен М.Таңирбергеновтиң қəўендерлиги есабынан Қоңырат районында жасаўшы жәрдемге мүтәж 5 шаңараққа заманагөй асхана мебельлери жеткерип берилди.




Бундай саўаплы ис нəтийжесинде бул шаңарақлар, енди таза ҳəм қолайлы асхана мебельлеринен пайдаланыў имканиятына ийе болады.

Жаңа асхана мебельлерине ийе болған шаңарақлар исбилерменге ҳәм тараў басшыларына шын кеўилден миннетдаршылық билдирип, жақсы нийетлер менен ақ пəтияларын берди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги