Шахслардың сүўретке болған ҳуқықлары беккемленеди

Шахслардың сүўретке болған ҳуқықларын беккемлеўге қаратылған нызам жойбары жәмийетшиликтиң додалаўына қойылды.
Пуқаралық кодексине бола, шахслардың сүўректе болған ҳуқықына қол қатылмайды. Соған қарамастан, бул ҳуқықты тәмийинлеў бағдарында нызамшылықта бослықлар бар.
Инсанның сүўретке болған ҳуқықын беккемлеў мақсетинде Әдиллик министрлиги тәрепинен миллий ҳуқықты қолланыў әмелияты ҳәм 30 ға шамалас сырт мәмлекетлердиң тәжирийбеси талланды.
Тийисли нызам жойбары ислеп шығылды ҳәм халықтың пикирин үйрениў мақсетинде жәмийетшиликтиң додалаўына жайластырылды.
Жойбарға бола, енди улыўма қағыйда түринде, ҳәр қандай адамды фото ямаса видеоға алыў ямаса сол сүўреттен пайдаланыў ушын оның келисими талап етиледи.
Соның менен бирге, жойбарға бола, 16 жастан баслап жас өспиримлер оларды сүўретке алыў, сүўреттен пайдаланыў ушын еркин келисим бере алады. Жәмийетлик орынларда ҳәм ғалаба илажларда сүўретке алыў ушын руқсат талап етилмейди.
Мәмлекетлик хызметкерлерди хызмет ўазыйпасы ўақтында шеклеўсиз сүўретке алыў ҳәм сол сүўреттен пайдаланыў мүмкин. Нызамсыз ҳәрекетлерди сүўретке алыў ушын келисим шәрт емес.
Видеобақлаў системалары ҳаққында ескертиўши белгилер орнатылыўы шәрт. Адамлардың ярым ямаса толық кийимсиз болыўды талап ететуғын орынларда (медицина ханасы, жуўыныў ханасы, кийим алмастырыў ханалары ҳәм басқа) видеобақлаўды әмелге асырыў қадаған етиледи.
Егер сүўреттен келисим берилген мақсеттен басқа мақсетте ямаса инсанның абырайы ҳәм қәдир-қымбатын кемситетуғын түрде пайдаланылса, келисим бийкар етилиўи мүмкин.
Н.Абдураимова, ӨзА