Исбилермен ҳаял-қызларға гиреўсиз кредит бериледи

214

«Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў системасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.

Қарарға бола, 2025-жылы ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери етип төмендегилер белгиленди:

– 2  миллион ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў;

-250 мың ҳаял-қызларды кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытыў;

-250 мың ҳаял-қызларды жоқары билимлендириў менен қамтып алыў;

-50 мың мүтәж ҳаял-қызларды санаторийларда саламатландырыў ҳәм оларда исбилерменлик көнликпелерин қәлиплестириў бойынша мотивациялық семинарлар шөлкемлестириў.

“HAMROH” исбилермен ҳаял-қызларды  қоллап-қуўатлаў бағдарламасы шеңберинде 2025-жыл 1-майдан:

-ҳаял-қызларға «жасыл жойбарлар» ҳәм IT тараўындағы жойбарларды әмелге асырыўына, сондай-ақ, кеминде 5 ҳаял-қызлардың исбилерменлигин жолға қойыўға жәрдемлескен 1 мың «устаз» исбилерменлерге 50 миллион сумға шекем грант ажыратыў жолға қойылады;

-унамлы кредит тарийхына ийе болған ҳаял-қызларға 100 млн сумға шекем гиреўсиз кредит ажыратылады;

-хаял исбилерменлер тәрепинен кредит есабынан сатып алынып атырған әсбап-үскенелер жеткерилип берилгенге шекем «Исбилерменликти раўажландырыў компаниясы» АЖ тәрепинен кепиллик берилиўи жолға қойылады.

Қарарға муўапық, төмендеги имканиятларға ийе «Исбилермен ҳаял-қызлар» платформасы 2025-жыл 1-июльға шекем иске қосылады:

-хаял-қызларға шийки зат сатып алыўға жәрдемлесиў;

-өз-ара кооперацияны кеңейтиў ҳәм өнимлерди сатыў ушын базар табыў;

-жойбарлар шеңберинде пайда болып атырған машқалаларын анықлаў ҳәм оларға шешим табыў.

2025-жыл 1-майдан төмендегилерди нәзерде тутыўшы «Бирге ислесиўши исбилермен» бағдарламасы жолға қойылады:

-өз бизнесин шөлкемлестирмекши болған ҳаял-қызларда исбилерменлик көнликпелерин қәлиплестириў;

-кооперация тийкарында ҳаял-қызлардың исбилерменлик жумысын жолға қойыўға жәрдемлесиў;

-жергиликли ҳәм халықаралық электрон платформаларда ҳаял-қызларға өз өнимлерин жайластырыў ҳәм сатыўға жәрдемлесиў.

2025-жыл 1-августқа шекем Ҳаял-қызлар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў бағдарында қаржылай хызметлер көрсетиў стратегиясы тастыйықланады.

Жетекши исбилермен ҳаял-қызлардан ибарат Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестириледи.

ӨзА