Имам Матуридий туӯылған күниниӊ 1155 жыллығын кеӊнен белгилеӯ ҳаққында

204

Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ қарары

Уллы ӯатанласымыз, исламий илимлердиӊ раӯажланыӯына үлкен үлес қосқан уллы улама, калом илиминиӊ султаны Имам Әбиӯ Мансур Матуридийдиӊ (Кейинги орынларда – Имам Матуридий) ибратлы өмир жолы ҳәм бай илимий-ағартыӯшылық мийрасын ҳәр тәреплеме тереӊ үйрениӯди хошаметлеӯ, Матуридийлик талиматына тән кеӊпейлилик ҳәм турақлылық принциплерин халқымыз ҳәм дүнья жәмийетшилиги арасында кеӊнен үгит-нәсиятлаӯ, жасларды Ӯатанға муҳаббат, миллий ҳәм  улыӯмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаӯ мақсетинде қарар етемен:

  1. Дин ислери бойынша комитет, Өзбекстан мусылманлары мәкемеси, Самарқанд ӯәлаяты ҳәкимлиги, Өзбекстан халықаралық ислам академиясы,  Имам  Матуридий халықаралық илимий-изертлеӯ орайыныӊ 2025-жылы Имам Матуридийдиӊ туӯылған күниниӊ 1155 жыллығын кеӊнен белгилеӯ ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  2. Имам Матуридий туӯылған күниниӊ 1155 жыллығына бағышланған илажларға таярлық көриӯ ҳәм оларды өткериӯ бойынша шөлкемлестириӯ комитети (кейинги орынларда – Шөлкемилестириӯ комитети) қурамы қосымшаға муӯапық тастыйықлансын.
  3. Шөлкемлестириӯ комитети (А.Арипов) еки ҳәпте мүддетте Имам Матуридий туӯылған күниниӊ 1155 жыллығын уламаның ислам әлеминдеги абырай-мәртебесине мүнәсип түрде жоқары дәрежеде белгилеӯ бойынша төмендегилерди нәзерде тутатуғын илажлар бағдарламасын тастыйықласын:

(а) 2025-жыл апрель айында Самарқанд қаласында «Матуридийлик –кеӊпейиллик, турақлылық ҳәм ағартыӯшылық талиматы» темасында халықаралық илимий-әмелий әнжуман өткериӯ;

(б) сырт елли изертлеӯшилер арасында Матуридийлик талиматы бойынша илимий таӊлаӯ өткериӯ,  жеӊимпазлардыӊ қатнасыӯында Өзбекстанда мәдений-ағартыӯшылық ушырасыӯ ҳәм семинар-тренинглер шөлкемлестириӯ;

(в) Имам Матуридийдиӊ «Таъвилот ал-Қуръон» ҳәм «Китоб ат-тавҳид» шығармалары ҳәм Матуридийлик талиматына байланыслы дәреклердиӊ өзбек ҳәм шет тиллериндеги илимий-түсиндирме академиялық аӯдармаларын басып шығарыӯ;

(г) Имам Матуридий туӯылған күниниӊ 1155 жыллығына бағышланған   естелик сувенирлерин айланысқа шығарыӯ ҳәм почта маркалары, календарьлар, уллы ойшылдыӊ өмири ҳәм илимий мийрасын сәӯлелендирип беретуғын басқа көргизбели мәлимлеме қураллары дүркинин жаратыӯ;

(д) Имам Матуридийдиӊ коп қырлы өмир жолы ҳәм илимий мийрасыныӊ бүгинги  күндеги әҳмийетин ашып беретуғын көркем-публицистикалық фильм  жаратыӯ;

(е) Самарқанд ӯәлаятында Имам Матуридийдиӊ ҳәм Матуридийлик талиматы бағдарында жумыс алып барған уламалардың өмири, илимий ҳәм дөретиӯшилик мийрасына бағышланған шығармалардыӊ сийрек ушырасатуғын қолжазба ҳәм басылым нусқалары ҳәм китапларыныӊ көргизбесин шөлкемлестириӯ;

(ж) Самарқанд қаласындағы Әбиӯ Мансур Матуридий комплексин қайта оӊлаӯ ҳәм абаданластырыӯ.

  1. Жоқары билимлендириӯ, илим ҳәм инновациялар министрлиги:

(а) Дин ислери бойынша комитет пенен биргеликте 2025-жыл май ҳәм октябрь айларында Шараф Рашидов атындағы Самарқанд мәмлекетлик университетинде Жоқары билимлендириӯ мәкемелерин раӯажландырыӯ қоры есабынан «Матуридийлик талиматы ҳәм ҳәзирги заман» темасында республикалық илимий-әмелий конференциясын ҳәм илимий  мақалалар таӊлаӯын өткерсин;

(б) Матуридийлик талиматына байланыслы илимпазлардыӊ илимий мийрасы ҳәм сийрек ушырасатуғын қолжазба шығармаларын үйрениӯ бойынша Илимди қаржыландырыӯ ҳәм инновацияларды қоллап-қуӯатлаӯ қоры қаржылары есабынан әмелге асырылатуғын илимий-изертлеӯ  жумысларына мәмлекетлик буйыртпасын белгиленген тәртипте қәлиплестирип барсын.

  1. Өзбекстан мусылманлары мәкемесине имам-хатиблер ҳәм диний билимлендириў мәкемелери студентлери арасында «Матуридийлик талиматы билимданы» таңлаўын өткериў ҳәм жеңимпазларды мүнәсип сыйлықлаў усыныс етилсин.

6.Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Дин ислери бойынша комитет, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, Жаслар ислери агентлиги, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы менен  биргеликте 2025-жыл даўамында орынларда Имам Матуридийдиң илимий мийрасына бағышланған дөгерек сәўбетлерин шөлкемлестирсин.

  1. Имам Матуридий халықаралық илимий-изертлеў орайы Мәдений мийрас агентлиги менен биргеликте:

а)  сырт еллерде сақланып атырған Имам Матуридий ҳәм матуридийлик  талиматына  тийисли  илимпазлардың өмири ҳәм илимий мийрасына  байланыслы сийрек ушырасатуғын қолжазба шығармалар ҳәм басқа мәдений байлықларды анықлаў, олардың нусқаларын Өзбекстанға алып келиў ҳәм  изертлеўди системалы түрде  шөлкемлестирсин;

б) Имам Матуридийдиң өмири ҳәм илимий жумысына бағышланған жоқары сапалы медиаөнимлер ҳәм аудиовизуал шығармалар жаратыў, оларды жергиликли ҳәм  сырт ел ғалаба хабар қуралларында жәриялаў, интернет тармағы ҳәм социаллық тармақларда кеңнен үгит-нәсиятлаў илажларын көрсин.

  1. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, «Дунё» мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан миллий медиа ассоциациясына Имам Матуридий туўылған күниниң 1155-жыллығын белгилеў менен байланыслы илажларды кеңнен сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республиксы Бас министри А.Н.Арипов ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Р.Қ Давлетовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                                      Ш.Мирзиёев

Ташкент қаласы,

2025-жыл 14-март