Коррупцияға қарсы маўасасыз гүрес жаңа баскышқа көтерилмекте
Коррупцияға қарсы гүрес улыўма миллий хәрекетке айланыўы тийис.
“Коррупцияның алдын алыў – мәмлекетлик хызметке профессионал ҳәм пидайы кадрларды таңлаў ҳәм оларды “ҳадаллық вакцинасы” менен шаншыўдан басланады”
Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев усы жылдың 5-март күни “Коррупцияның алдын алыў бойынша жумыслардың нәтийжелилиги ҳәм алдағы тийкарғы ўазыйпалар”ға арналған Коррупцияға қарсы гүресиў Миллий кеңесиниң кеңейтилген мәжилисине қатнасты.
Биринши мәрте бундай тәризде коррупцияға қарсы гүреске арналған мәжилистиң кең көлемде, қатаң талаплар менен, анық ўазыйпалар белгиленип тәсирли етип өткерилиўи бәршемизде жуўапкершилик сезимин және де күшейтти. Бул халкымыз күткен тарийхый әҳмийетке ийе мәжилис болып “коррупцияға қарсы маўасасыз гүрес” жаңа басқышқа көтерилди десек ҳақыйқатты айтқан боламыз.
Мәжилисте коррупциядан аўлақ орталық жаратыў бойынша жумысларға толық баҳа берилди ҳәм алдағы ўазыйпаларды анық белгилеп алыў зәрүрлиги атап өтилди. Мәмлекетимиз басшысы 55 анық мақсетке бағдарланған басламаны алға қойды ҳәм олардың шеңберинде 5 нызам, 12 пәрман ҳәм қарарлар ислеп шығылады.
Баянатта айтып өтилгениндей, “Реформалар жолындағы ең үлкен тосқынлық ҳәм иркиниш – бул коррупция болып есапланады”. Ҳақыйкытында да, коррупция ақыбетинде дүнья экономикасы жылына 3 триллион доллар зыян көрип атырғаны бул глобаллық қәўип. Коррупция сондай жаўыз иллет, ол халықтың мәмлекетке, Конституция ҳәм нызамларға исенимине зыян жеткереди, турақлы раўажланыў ҳәм қәўипсизлик ушын айрықша қәўипке айланады.
Сиясатшылардың атап өткениндей, “ҳәр бир мәмлекетте реформалардың нәтийжели әмелге асырылыўы оның басшысының сиясий ерк-ықрары, сондай-ақ мәмлекеттиң раўажланыўы ҳәм халық мәпи жолындағы белсенди жумысы ” менен байланыслы болып есапланады.
Ҳақыйқатында да мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў мәселесине шын мәнисинде ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёев ел басшысы болып келген биринши күннен (2016-жыл 8-сентябрь) баслап айрықша итибар қаратылды. 2016-жылдың 14-октябринде Президентимиздиң нызамшылық басламасы менен Өзбекстан Республикасының “Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында”ғы нызам жойбары Олий Мажлис Нызамшылық палатасының додаланыўына киргизилди.
Ҳүрметли Президентимиз 2016-жылдың 7- декабринде Өзбекстан Республикасы Конституциясының 24 жыллығы байрамына арналған салтанатлы мәжилистеги баянатында: «Жәмийеттиң раўажланыўына тосық болып атырған және бир иллет – бул коррупция бәлеси», бундай қәўип-қәтерге қарсы гүресиў мақсетинде жақында Нызамшылық Палатасы тәрепинен қабыл етилип, Сенатқа жиберилген «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы нызамды тезирек әмелиятқа енгизиў илажларын көриўимиз лазым» деди.
Президентимиз тәрепинен 2017-жылдың 3-янаварында қол қойылған бул нызам алдын дара-дара болған хуқықый ҳүжжетлерди өзине жәмлеген, халық-аралық талапларға жуўап беретуғын бир тутас Нызам болды. Оның қабыл етилиўи мәмлекетимизде Коррупцияға қарсы гүресте биринши исенимли қәдем десек болады.
Нызамда «коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары» белгиленди. Соның ишинде:
- Халықтың ҳуқықый санасы ҳәм ҳуқықый мәдениятын жоқарылатыў, сондай-ақ, жәмийетте коррупциялык жағдайларға маўасасызлық қатнасты қәлиплестириў.
- Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында системалы ҳәм турақлы түрде коррупцияның алдын алыўға байланыслы илажларды әмелге асырыў.
- Коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықларды өз ўақтында анықлаў, оларға шек қойыў ҳәм олардың ақыбетлерин, имканият бериўши себеп ҳәм шараятларды сапластырыў болып есапланады. Соның менен бирге коррупцияға байланыслы жынаятларды ислегени ушын жуўапкершиликтиң сөзсиз екенлиги принципин тәмийинлеў.
Кейинги 6-7 жылда елимизде коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў бойынша ҳуқықый, институционаллық ҳәм шөлкемлестириў тийкарлары бойынша анық система жаратылды, тийисли нызамлар қабыл етилди. Булар арасында, “Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында”ғы, «Ҳуқықый мәлимлемени тарқатыў ҳәм оннан пайдаланыўды тәмийинлеў ҳаққында”ғы, “Жәмийетлик қадағалаў ҳаққында”ғы, “Жәбирлениўшилер, гүўалар ҳәм жынаят процесиниң басқа қатнасыўшыларын қорғаў ҳаққында”ғы, “Мәмлекетлик пуқаралық хызметлери ҳаққында”ғы, ”Мәплердиң соқлығысыўы ҳаққында”ғы” ҳәм тағы басқа нызамларды айтып өтсек болады.
Мәмлекетимизде коррупция машқаласын жәмийетшилик додалаўына алып шығатуғын ашық система ҳәм орталық жаратылғаны атап өтилди. Ашықлық көрсеткиши бойынша халықаралық рейтинглердеги мәмлекетимиздиң орны 138 текшеге жақсыланып, Орайлық Азияда биринши, дүньяда 30-орынға көтерилди.
Айтып өтиў керек, Президентимиздиң 2021-жыл 16-июньда қабыл етилген «Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысының ашықлығын тәмийинлеў, сондай-ақ, жәмийетлик қадағалаўды нәтийжели әмелге асырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Пәрманында барлық мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, соның ишинде, Есап палатасы, Орайлық Банк, суд ҳәм прокуратура уйымлары, устав фондында мәмлекет үлеси 50 процент ҳәм оннан артық болған хожалық шөлкемлери ҳәм мәмлекетлик унитар кәрханалары тәрепинен ашық мағлыўматлар сыпатында жайластырылыўы керек болған жәмийетлик әҳмийетке ийе 40 қа шамалас мағлыўматлар дизими тастыйықланды. Бул дизим мағлыўматлардың әхмийетлилигине қарап (коррупциялық жағдайлардың алдын алыў мақсетинде ) жаңаланып барылады.
Сондай-ақ, Президентимиздиң 2023 жылдағы 27-ноябрьдеги ПП – 200 – санлы Пәрманына муўапық, «Ҳаж» сапарына барыў ушын гезекте турған зыяратшылардың бирден-бир онлайн гезеги ҳаққындағы мағлыўматлар; балаларды мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине қабыл етиў ушын берилген арзалар гезеги ҳаққындағы мағлыўматлар; мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен берилген мәмлекетлик емес коммерциялық шөлкемлерге грант ҳәм социаллық буйыртпалар ҳаққында мағлыўматлар, олардың орынланғаны ҳаққында есабат; бос жумыс орынлары, жумысқа қабыл етиў шәртлери, талабанларға қойылатуғын талаплар ҳәм көрсетиўи тийис болған ҳүжжетлер ҳаққында мағлыўматлар менен толықтырылды.
Сондай-ақ, философия докторы((PhD) ҳәм пән докторы(DSc) илимий дәрежесин алыў ушын илимий кеңес тәрепинен өткерилетуғын диссертацияны қорғаўы, орта арнаўлы ҳәм профессионал оқыў орынларының тест сынақлары ҳәм Президент, дөретиўшилик ҳәм кәнигелестирилген мектеплерге кириў имтиханларын интернет тармағы арқалы тиккелей эфирге узатыў тәртиби енгизилди.
Президентимиз өз сөзинде “Қайта-қайта айтаман: биз ашық-айдынлық сиясатын, сөз еркинлиги идеяларын турмысқа енгизиўде бәрқулла исенимли боламыз!”- деди.
Коррупцияны түп-тамырынан қуртыў ушын ең дәслеп инсан факторы ҳәм қағазпазлықты азайтыўға айрықша итибар қаратылмақта. Президентимиз бул бағдарда исленген жумысларға айырым мысалларды келтирди.
Мәселен, жерди ҳәким қарары менен ажыратыўдан толық ўаз кешип, аукцион системасына өтилгени нәтийжесинде коррупция «ошағы»на айланған бул система халықшыл болды. «Ашық-айдын қурылыс» бағдарламасы енгизилип бул бағдарда унамлы өзгерислер болмақта.
Қурылысқа руқсат бериў, имаратты тапсырыўда өрт қәўипсизлиги бойынша бюрократия ҳәм нызам бузылыўының көбейип коррупцион жағдайлардың пайда болғанлығы себепли айрықша жағдайлар министри ҳәм оның орынбасарлары жумыстан босатылды.
“Мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққында”ғы нызам қабыл етилип, таңлаў ҳәм тендер санластырылып, саламат бәсеки болғаны себепли сатып алынатуғын товарлар ҳәм хызметлердиң баҳасы арзанлап өткен жылы 14 триллион сум бюджет қаржысы үнемленди.
Адамларға 100 миллион сумға шекемги турмыслық кредитлер инсан факторысыз 5 минуттың ишинде онлайн берилмекте. Банкирлер мәҳәллеге түсип, өзлери адамларға жойбар, кредит усыныс етпекте.
Жоқары оқыў орынларына оқыўға кириўде ҳүжжетлер инсан факторысыз тапсырылып, имтиханлар ашық-айдынлық талапларында онлайн трансляция етилмекте. Талабанлар тест сыныклырынан өтип, топлаған балына қарай жоқары оқыў орнын таңлаў системасы енгизилди.
Жол ҳәрекети қәўипсизлиги инспекторларына боди-камера менен хызмет етиўи енгизилиўи, авто номерлердиң аукционда сатылыўы, «қол радары» ҳәм қағаз протокол дүзиўдиң бийкар етилиўи коррупция факторларының кескин азайыўына алып келди.
«Халық хызметиндеги мәмлекет» принципи тийкарында исбилерменлерге хызмет көрсетиў жолға қойылып, 120 түрдеги ҳүжжетлерди талап етиў, 160 тан аслам лицензия ҳәм рухсатнамалар бийкар етилди. Нәтийжеде 200 мыңға шамалас жаңа исбилерменлер базарға кирип келди. Сырт ел қатнасыўындағы кәрханалар дерлик 5 есеге артып, 23 мыңға шамаласты ҳәм әҳмийетли тәрепи реформаларымызға исеними беккемленди.
Президентимиздиң айтып өткениндей, соңғы жети жылда 120 миллиард доллардан аслам инвестиция киргени, экономикамыз 2 есеге өсип, өткен жылы 115 миллиард долларға жеткени буның айқын дәлили ҳәм нәтийжеси болды.
Мәжилисте коррупцияға қарсы гүресиўде тек ғана мәмлекеттиң ҳәрекети менен күтилген нәтийжеге ерисип болмайтуғынлығы, бул – пүткил жәмийетимиздиң жумысы, кадрларда пидайылық, иллетлерге қарсы гүресиўде аўызбиршиликтиң жетиспей атырғаны, мәҳәлледе той-мерекеде артықша ысырапгершиликке жол қоймаў, ҳадаллық ҳәм шүкиршилик пенен өмир сүриўди түсиндириў жумыслары бойынша жәмийетимизде жақсы тәжирийбелер жетиспей атырғаны атап өтилди.
Ҳүрметли Президентимиз “Коррупцияның алдын алыў – мәмлекетлик хызметке профессионал ҳәм пидайы кадрларды таңлаў ҳәм оларды “ҳадаллық вакцинасы” менен шаншыўдан басланады,”- деди. Ҳақыйқаттан бул әҳмийетли пикирлер журт басшымыздың 2020-жылдың январь айындағы Олий Мажлиске Мүрәжатында “…, жәмийетимиздиң барлық ағзалары “Ҳадаллық вакцинасы” менен шаншылмаса, өз алдымызға қойған жоқары шеклерге ерисе алмаймыз”, – деген мақсет ҳәм ўазыйпаларымыздың даўамы еди.
Бул мәселеде кадрларды оқытыў, тәрбиялаў ҳәм орны-орнына қойыўда Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги ҳәм Мәмлекетлик басқарыў академиясының жетекши сыпатындағы роли сезилмей атырғаны сынға алынды.
Енди ески үлгидеги “объективка”дан ўаз кешип, IТ-технологиялар тийкарында хызметкердиң маманлығы ҳәм потенциалы, ерискен нәтийжелерин баҳалайтуғын системаға өтиўи, лаўазымға қойыўда хызметкердиң питкерген жоқары оқыў орнын ямаса ислеген жери емес, ал, қандай билим-тәжирийбеге ийе екени ҳәм көрсеткен нәтийжелери тийкарғы өлшем болыўы тийис.
Мәжилисте коррупцияның алдын алыў факторлары менен ислесиў ушын 117 министрлик ҳәм мәкемедеги «коррупцияға қарсы ишки қадағалаў» структураларында 1 мың 285 хызметкер жумыс ислеп атырғанлығы көрсетилип, бирақ, коррупциялық факторларды сапластырыўда олардың орны да, жуўапкершилиги де сезилмей атырғаны атап өтилди.
Хақыйқаттан ҳәм тән алыў керек, бул бойынша белгили дәрежеде жумыслар исленгени менен айрым тараўдағы жуўапкер кадрлардың билиминиң, искерлигиниң, жумысқа деген жуўапкершилигиниң төменлиги, халық аралық ISO 37001:2016 стандартқа сǝйкес коррупцияға қарсы ишки кадағалау (комплаенс кадағалаў) системасы талапларын толық билмеўи, өз мекемесинде хызметкерлердиң ҳуқықый санасы ҳәм ҳуқықый мәдениятын арттырыў, коррупцияға маўасасыз мүнәсибетти қәлиплестириў бойынша алып барылған ислердин төменлиги әлбетте жумыстын нәтижелигине кери тәсир етеди.
Мәжилисте мәҳәлледе адамлар менен ислескен, олардың машқаласын көрип өзи шешкен жаслар арасынан басшы кадрлар таңлап алыныўы керек екенлиги атап өтилди. Жумысқа қабыллаўды ашық-айдын өткериў, мәмлекетлик хызметкерлердиң реестрин белгилеў, кадрлардың коррупцияға бейимлилигин үйрениў бойынша пәрман жойбарын киргизиў тапсырылды.
Президентимиз баянатында және бир әҳмийетли бәрше күткен мәселе – мәмлекетлик хызметкерлердиң дәраматын декларациялаўға байланыслы нызамды қабыл етиў ўақты-сәти келгенлиги атап өтилди. Нызам жойбарын жәмийетшиликтиң додалаўына қойып, 1-апрельге шекем киргизиў тапсырылды.
Айтып өтиў керек, Президентимиздиң 2021-жыл 6-июль “Коррупцияға қарсы маўасасыз қатнаста болыў орталығын жаратыў, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўда коррупциялық факторларды кескин кемейтиў ҳәм бунда жәмийетшиликтиң қатнасын кеңейтиў илажлары ҳаққында”ғы №ПП-6257-санлы Пәрманы қабыл етилип, 2022-жыл 1-январьдан баслап мәмлекетлик кәрхана ҳәм шөлкемлердиң басшылары ҳәм орынбасарлары, олардың өмирлик жолдасы ҳәм жас өспирим перзентлериниң дәраматлары ҳәм мүлкин мәжбүрий декларациялаў системасын енгизиў белгиленген еди.
Декларация бериўден бас тартыў яки жалған мағлыўмат бериў, оны жумыстан шетлетиў ҳәм жуўапкершиликке тийкар болатуғынлығы көрсетилди. Сондай ақ, мәмлекетлик хызметкерлерге республикамыз тысқарысынан есап бетлер ашыў ҳәм ийелик етиў, нақ пулларды саклаў, көшпели мүлкке ийе болыў қадаған екенлиги көрсетип өтилди.
Мәжилисте айтылғанындай нызамсыз байлық арттырыў ушын халық-аралық стандартларға сәйкес жуўапкершилик белгиленеди. Мәмлекетлик хызметкер декларациялаған дәраматына сәйкес келмейтуғын мүлкти қай жерден алғанын дәлиллеўи тийис болады. Сондай ақ, жоқарыда корсетилгениндей декларация бойынша жалған мағлыўмат бериў, жасырыў яки мағлыўмат бериўден бас тартқаны ушын жуўапкершилик белгиленеди.
Айрықша итибарға ылайық тәрепи сонда, Бюджет ҳәм бюджеттен тысқары қаржылар есабынан алынып атырған товарларды тәртипке салыў мақсетинде барлық лаўазымдағы шахслар хызмет транспортында жүриўди кескин қысқартып, мәмлекетимизде ислеп шығарылған автомобиль ҳәм мебельге өтиў зәрүрлиги айтылды. Мәжилис болған күннен баслап Өзбекистан Республикасы Бас министри үлги көрсетип жергиликли автомобильге өтти.
Мәжилисте Президентимиз және бир әҳмийетли мәселеге итибарымызды каратып, “Реформаларымыздың нәтийжелилиги бәринен бурын, садық, пидайы ҳәм коррупцияға төзимсиз, тақатсыз жаңа әўладқа тиккелей байланыслы. Бул жумыста пикири пәк жас әўладты тәрбиялаў тийкарғы ўазыйпаға айланыўы шәрт.”- деди. Усы мақсетте мектеплерде «Тәрбия» пәни шеңберинде ул-қызларымызға ҳадаллық, биреўдиң ҳақысына қыянет етпеў сыяқлы ийгиликли идеяларды әпиўайы тилде түсиндирип барыўы керек екенлигин атап өтти.
Студент ҳәм жаслардың коррупцияға қарсы жойбарлары, стартап ҳәм инновациялық басламаларын қоллап-қуўатлаў арқалы «коррупция – келешекке қәўип» деген идея тийкарында Жаңа Өзбекстан жасларының қәлбинен орын алатуғын система жаратсақ, әйне мақсетке муўапық болатуғыны атап өтилди.Хакыйкаттан хам коррупцияға қарсы гуресиуде жаслардн пикир
Мәжилисте Президентимиз жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлерге мүрәжат етти. Коррупцияға қарсы гүресиў – улыўма миллий ўазыйпа, ҳәр бир ўатанласымыздың ҳүждан иси болып есапланады. Соның ушын, коррупцияға тақатсыз болыў ушын және де көбирек шараят жаратып, оған кең жәмийетшиликти тартыў, әсиресе бәринен бурын, мәмлекетлик емес шөлкемлердиң белсендилигин арттырсақ, бул – ең дурыс жол,- деди. Мәселен, Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша конвенция талапларын мониторинг етиўге мәмлекетлик емес шөлкемердиң тартылыўы үлкен нәтийже беретуғынына исеним билдирилди. Усы мақсетлер ушын жаңа жойбарларды қоллап-қуўатлаўға ҳәр жылы 10 миллиард сумнан ажыратып барылады.
Коррупцияны жеңиў ушын биринши гезекте оның артықша салтанат ҳәм дәбдебе деген «оқ тамырларын» қуртыўымыз шәрт. Тилекке қарсы, адамлар оларға теңлесемен деп, өзин «отқа-шоққа» урмақта. Айырым басшылар өзиниң әпиўайы турмыс тәризи менен ҳәммеге үлги болыўдың орнына, бундай жалған қәдириятлардың тутқынына айланып, нызамсыз дәрамат табыўға умтылып атырғаны да бар гәп»,- деди Президент.
Сонлықтан, мәҳәлле белсендилери, нураныйлар, зыялылар, жазыўшы ҳәм шайырлар, көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери, исбилерменлер, белгили шахслар, басшылар, депутат ҳәм сенаторлар – улыўма, пүткил жәмийетшилик бирлесип, коррупцияға «жәмийет денесиндеги рак» сыпатында қараўымыз тийис екенлиги бәршемизге ўазыйпа етип айтып өтилди..
Сизлер бул ҳақыйқат ҳәм талапты терең түсинип, оларды әмелге асырыўда айрықша белсендилик көрсетесиз, ҳәммеге үлги боласыз, деп исенемен»,- деди Президент Шавкат Мирзиёев сөзиниң жуўмағында.
Батыр Матмуратов,
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң
Коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлиминиң баслығы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги