АҚШ Россияға қарсы санкцияны күшейтпекте

АҚШ Президенти Дональд Трамп ҳәкимшилиги Россия қаржы институтлары менен энергия ушын төлем әмелге асырыўға руқсат бериўши лицензия мүддетиниң тамам болғанын мәлим етти. Бул ҳаққында «Кazinform» агентлиги «Global Banking» хызметине сүйенип жазған.
Ғазнашылық ўәкилиниң сөзлерине бола, режелестирилгениндей, «8L бас лицензиясы» 12-март күнинен күшин жойытқан. Енди «Сбербанк», ВТБ ҳәм РФ Орайлық банки АҚШ төлем системасына кире алмайды. Буннан тысқары «Газпром нефть» ҳәм «Сургутнефтегаз» энергетика компаниялары, сондай-ақ, Россия нефтин тасыўшы 183 кеме, соның ишинде, Батысқа қараслы болмаған компаниялар тәрепинен басқарылатуғын ескирген танкерлер жасырын флоты менен де доллар әмелияты қадаған етиледи.
Энергетика сиясаты бойынша изертлеў топары «ClearView Energy Partners» руқсатнама мүддетиниң тамам болыўы айырым үшинши мәмлекетлер процесс қыйыншылығы мүнәсибети менен РФ нефтти сатып алыўын тоқтатыўы мүмкин екенлигин болжады.
Еслетип өтемиз, Байден ҳәкимшилиги 2022-жыл февральда нефть баҳасы глобал көлемде артыўына жол қоймаў ушын энергия әмелияты бойынша лицензия енгизген.
Алдынырақ Россия тәрепи әскерий ҳәрекетти тоқтатыў бойынша усынысқа разы екенлиги, бирақ белгили бир шәртлери бар екенлиги ҳаққында хабар берген.
С.Раҳимов, ӨзА