Зорлыққа тийкарланған экстрмизмниң алдын алыўда ҳаял-қызлардың қатнасыўы кеңейтиледи

464

Олий Мажлис Сенатына Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийети (GIZ)ниң «Орайлық Азияда зорлық экстремизмииниң алдын алыў» жойбарының басшысы Штефан Бухмаер келди.

Сенаттың Жаслар, ҳаял-қызлар, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитетиниң баслығы О.Қозиханова менен ушырасыў даўамында GIZ тәрепинен әмелге асырылып атырған жойбар шеңберинде жаслар менен ислесиў бойынша мәмлекетлик бағдарламаларды әмелге асырыўға жәрдемлесиў, зорлыққа тийкарланған экстремизмниң алдын алыўда ҳаял-қызлардың қатнасын кеңейтиў ҳәм уйымлараралық бирге ислесиўди беккемлеў мәселелери додаланды.

Ш.Бухмаер ҳәзирги күнде Ишки ислер министрлиги, Бас прокуратура, Ҳуқық қорғаў академиясы, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети бир қатар шөлкемлер менен тығыз бирге ислесиў жолға қойылғанын атап өтти. Бул жойбар мәмлекетлик ҳәм пуқаралық жәмийеттиң зорлыққа тийкарланған экстремизмниң алдын алыў бойынша ҳәрекетлерин қоллап-қуўатлаўға, әсиресе, әззи топарлардың радикалласыўға қарсы шыдамлылығын арттырыўға қаратылған.

Ушырасыў соңында тәреплер бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм келешектеги бирге ислесиў бағдарларын және де раўажландырыў бойынша келисимге еристи.

Н.Абдураимова,

ӨзА