Конституция ҳәм биз
Балаларды ҳуқықый жақтан қорғаўда ең дәслеп, беккем ҳуқықый тийкар жаратылған болыўы керек. Әмелдеги нызамшылығымызға бола, Өзбекстан Республикасы Конституциясы, мәмлекетимиз тәрепинен ратификация етилген «Бала ҳуқықлары ҳаққында»ғы Конвенция ҳәм оның факультативлик протоколлары, «Шаңарақ», «Пуқаралық», «Мийнет» ҳәм «Жынаят» кодекслери ҳәм басқа да нормативлик ҳүжжетлер мәмлекетимизде балалар ҳуқықын тәмийинлеўдеги тийкарғы нызамлар ретинде хызмет етип атыр. Жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясында да балалар ҳуқықын және де беккемлеў бойынша тийисли нормалар киргизилгенлигин айрықша айтып өтиў орынлы.
Атап айтқанда, жаңа редакциядағы Конституцияның 44-статьясына муўапық, баланың денсаўлығына, қәўипсизлигине, минез-қулқына, руўхый ҳәм физикалық раўажланыўына қәўип туўдырыўшы, оның билим алыўына тосқынлық етиўши балалар мийнетиниң ҳәр қандай түрлери қадаған етиледи. Сондай-ақ, Конституцияда билимлендириў шөлкемлеринде өз алдына билим алыў зәрүрлигине ийе болған балалар ушын инклюзив билим ҳәм тәрбия бериўдиң тәмийинлениўи белгиленди. Бул өз гезегинде майыплылығы болған балаларға өз заманласлары менен бирдей билим алыўы ушын барлық шараятларды жаратыў, олардың жеккеленип қалмаўы, жәмийеттиң толық ағзасы сыпатында қәлиплесиўи ҳәм ер жетиўи ушын әҳмийетли кепиллик болып есапланады.
Буннан тысқары, Конституциямызда ата-аналар ҳәм олардың орнын басыўшы шахслар өз перзентлерин ер жетиўине шекем бағыўы, олардың тәрбиясы, билим алыўы, саламат, толық ҳәм ҳәр тәреплеме жетик болып камалға келеўине ғамқорлық етиўге мәжбүрлиги, мәмлекет ҳәм жәмийет жетим балаларды ҳәм ата-анасының қәўендерлигинен айырылған балаларды бағыўды, тәрбиялаўды, олардың билим алыўын, саламат, толық ҳәм ҳәр тәреплеме бәркамал болып жетилисиўин тәмийинлеўи, усы мақсетте қайыр-сақаўат хызметиниң қоллап-қуўатланыўы көрсетилген.
Барлық балалардың тең ҳуқықлы екенлигин тәмийинлеў мақсетинде Конституцияның 78-статьясында перзентлер ата-анасының келип шығыўы ҳәм пуқаралық жағдайына қарамастан, нызам алдында теңлиги, баланың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў ҳәм қорғаў, оның физикалық, руўхый ҳәм мәдений жақтан толық раўажланыўы ушын ең жақсы шараятларды жаратыў мәмлекеттиң миннети екенлиги белгиленди.
Итибарлы тәрепи сонда, балалардың келешеги жолында керекли барлық илажларды әмелге асырыўды мәмлекет өзине миннетли ўазыйпа ретинде жүклеп атыр. Демек, мәмлекетимиздеги ҳәр бир бала ҳуқықын тәмийинлеў – мәмлекетимиз жуўапкершилигиндеги тийкарғы ўазыйпалардан бири болып қала береди.
Гүлмира АРЗИЕВА,
Нөкис районлар аралық
экономикалық судының судьясы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги