«Бәҳәр маликасы-2025» танлаўының жеңимпазлары сыйлықланды

Нөкис қаласындағы Президент мектебинде «Бәҳәр маликасы-2025» танлаўы болып өтти.
Бул танлаўда Қарақалпақстан Республикасында жайласқан системадағы мектеплердиң оқыўшы-қызлары қатнасып, билим, дөретиўшилик ҳәм сахна мәденияты сыяқлы шәртлер бойынша өз-ара беллести.
Жуўмақлаўшы нәтийжелерге бола:
1-орынға Ибрайым Юсупов атындағы дөретиўшилик мектеби оқыўшысы Раксана Турдыбаева, 2-орынға Нөкис қаласындағы Президент мектеби оқыўшысы Рухсара Сафарбаева, 3-орынға Нөкис қаласындағы 1-санлы қәнигелестирилген мектеп оқыўшысы Гулнур Абдуллаева мүнәсип деп табылды.
Танлаў жеңимпазлары естелик саўғалары менен сыйлықланды,-деп мәлимлеме береди xs.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги