Европа Аўқамының Өзбекстандағы елшиси менен ушырасыў өткерилди

Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов Европа Аўқамының Өзбекстандағы елшиси Тойво Клаар менен ушырасты.
Ушырасыўда Тойво Клаар Өзбекстанның көп тараўларда жедел раўажланыў жолында ерисип атырған халықтың турмысын сезилерли дәрежеде жақсылаған жетискенликлери, соның ишинде, санлы технологиялар тараўында әмелге асырылып атырған жумысларды жоқары баҳалады.

Өз гезегинде, министр Ш.Шерматов министрликтиң тийкарғы мақсетлеринен бири жас әўладты таяр жумыс орынлары менен тәмийинлеў, бул арқалы оларды елимизде болып, жоқары мийнет ҳақы алыўы ушын имканият жаратыў екенин атап өтти.
Сондай-ақ, ушырасыўда Өзбекстанның теңизге шығыў имканиятларының шекленгени себепли министрлик МКТ тараўын жедел раўажландырып атырғаны, бул болса IT-хызметлер экспорты көрсеткишлерин жедел арттырыўға хызмет етип атырғаны атап өтилди.

Тараўды раўажландырыў ушын әмелге асырылып атырған бағдарламалар, соның ишинде, «One Million Uzbek Coders» жойбары ҳаққында мағлыўмат берилди.
Министр Ш.Шерматов Европа базарының өзине тән өзгешеликлеринен келип шығып, Европа мәмлекетлери менен бирге ислесиўди кеңейтиў зәрүр екенлигин атап өтти.

Буннан тысқары, ушырасыўда телекоммуникация бағдарында бирге ислесиў перспективалары, соның ишинде алыс аймақларды заманагөй жасалма жер жолдасы байланыс системасы жәрдеминде жоқары тезликтеги интернет пенен тәмийинлеў бойынша биргеликте жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланды.
Соңында тәреплер өз-ара пайдалы бирге ислесиў ҳәм жақын келешекте биргеликтеги жойбарларды табыслы әмелге асырыўға үмит билдирди.
Р.Раҳмонова,
ӨзА