Турақ жай менен байланыслы мәселелердиң шешилиўи елимиздиң турақлы раўажланыўына хызмет етеди

Пәрман ҳәм оның орынланыўы
Кейпият жақсы болса креатив пикирлей аламыз, жумыс та өнимли болады. Адамда көтериңки руўхты тәмийинлейтуғын факторлар оғада көп. Олардан ең тийкарғыларынан бири – ўатан ишиндеги ўатаны, өзиниң үйи болыўы болып табылады.
Баспаналы болыў инсанды қәтержам етеди. Ижарада жасаў менен байланыслы қәўетерлер, ҳәр айда ижара ҳақысын төлеў, үйден шығып кетиў қәўпи сыяқлы машқалалар сапластырылады.

Сондай-ақ, турақ жай инсанның жеке мүлки болғаны себепли, оның баҳасы ўақыттың өтиўи менен артады. Бул фактор болса экономикалық турақлылыққа ерисиў имканиятын пайда етеди. Мүлк – инсанға үлкен актив. Оның баҳасы көтерилиўи ямаса ижараға бериў имканияты адамға қаржылай дәрамат дерегин жаратады. Көшпес мүлкке ийе болыў мийнет етиўге ҳәм дәраматты арттырыўға болған умтылысты күшейтеди.
Өз үйинде шаңарақ ағзалары өзлерин турақлы ҳәм қәўипсиз сезинеди. Бала тәрбиясы, шаңарақтағы қатнасықлар ҳәм турмыс дәрежеси жоқары болады.

Усы тәреплерди есапқа алған ҳалда көплеген турақ жайға мүтәжликтиң шешилиўи мәмлекеттиң турақлы раўажланыўына улыўмалық есапта тәсир етеди.
Коммерциялық банклердиң ипотека кредитинен пайдаланыў турақ жайға зәрүрлиги бар инсанға мәселени шешиўдиң жеңилирек шешимлеринен бири болып есапланады. Бундай жәрдем халыққа узақ мүддетли қаржылай жәрдем режелерди дүзиў имканиятын береди.
Кейинги бес жылда елимизде улыўма майданы 21,7 миллион метр квадрат болған көп квартиралы турақ жайлар қурылды. Бул дәўирде халықтың турақ жай сатып алыўына жәрдемлесиў ушын 67 триллион сумлық ипотека кредитлери ажыратылған. Бул мақсетлерге мәмлекетлик бюджеттен 44 триллион сум қаратылғаны болса үлкен әҳмийетке ийе.
Және бир сан, дәраматы жоқары болмаған 64 мың адамнан ибарат пуқараға 3,5 триллион сумнан аслам субсидия қаржылары төлеп берилди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 21-февральда «Турақ жай ҳәм ипотека базарын буннан былай да раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди. Бул ҳүжжет елимизде заманагөй турақ жайлар қурыўдың көлемин ҳәм ипотека өнимлери түрлерин кеңейтип барыў, бул бағдардағы реформаларды басқышпа-басқыш даўам еттириў үлкен әҳмийетке ийе екенлигин көрсетти.
Статистикаға қарағанда, республикамызда соңғы жыллары халықтың саны жылына дерлик сегиз жүз мыңға, жаңа шаңарақлардың саны болса үш жүз мыңға артпақта. Бул санлар елимизде турақ жайға болған талапты қанаатландырыў бойынша жумысларды жеделлестириў зәрүрлигин көрсетеди.
– Пәрманға муўапық, усы жылы базар принциплерине тийкарланған ипотека кредитлери арқалы халықты турақ жай менен тәмийинлеў бағдарламасының тийкарғы бағдарлары белгиленди, – дейди Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң бас қәнигеси Шаҳбоз Закиров. – Бағдарламаға муўапық, республика аймақларында жәми 135 мың квартиралы турақ жайларды қурыў режелестирилген. Сондай-ақ, ипотека кредитлери бойынша басланғыш төлем ҳәм процент төлемлериниң бир бөлегин қаплаўға субсидиялар санын бир ярым есеге арттырыў нәзерде тутылды. Буннан тысқары, турақ жай ҳәм ипотека базарын қаржы ресурслары менен тәмийинлеў ушын 20,9 триллион сум муғдарындағы ипотека кредитлери ажыратылады. Пәрманның орынланыўы шеңберинде жумыслар баслап жиберилген. Ипотека кредитлери бойынша субсидиялар ажыратыў бойынша арзалар 3-марттан қабыл етилмекте. Бул ушын пуқаралар аймақлардағы мәмлекетлик хызметлер орайларына мүрәжат етпекте. Сондай-ақ, бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы еркин түрде арза қалдырып атырғанлар да көп.
Сондай-ақ, пәрманда «Жаңа Өзбекстан» ҳәм басқа массивлерде көп квартиралы турақ жайларды қурыўға қатнасатуғын қурылыс шөлкемлерин айланыс қаржылары менен тәмийинлеў ушын Мәмлекетлик бюджеттен 700 миллиард сум ҳәм коммерциялық банклердиң өз қаржылары есабынан 3 триллон сум муғдарындағы қаржыларды қаратыў нәзерде тутылды.
«Жаңа Өзбекстан» массивлери ушын жаңа аймақлар урбанизация принциплерине муўапық бир қатар нормаларды есапқа алған ҳалда таңланады. Бул тәртип 1-марттан күшке кирди.
Заманагөй қалалардың раўажланыўы даўамында оларда инфраструктураның гөнериўи, халықтың тығызлығы артып кетиўи ҳәм экологияға тәсир ететуғын факторлар сыяқлы машқалалар жүзеге келеди.
Реновация арқалы болса қалалар ҳәм елатлы пунктлер модернизацияланады. Гөнерген имаратлар ҳәм инфраструктуралар заманагөй талапларға сәйкеслендириледи. Бул процесс нәтийжесинде қала орталығы жақсыланады, халықтың жасаў шараятлары реформаланады.
Бул әҳмийетли тәреплер есапқа алынып, усы жылдың 1-мартынан баслап реновация тийкарында көп квартиралы турақ жайларды қурыўдың тийисли тәртиби енгизилди.
Қала қурылысы реновациясында жәмийетлик пикирдиң есапқа алыныўы, турақлы раўажланыў принциплерине әмел етиў оғада әҳмийетли.
Енди реновация жойбарын баслаўға барлық мүлк ийелери менен нотариал тастыйықланған келисимге қол қйоылғаннан кейин руқсат бериледи. Мүлк ийелерине, олардың қәлеўине бола, тийисли тәртипте көрсетилген компенсация түрлеринен бири усынылады.
Бузылып атырған турақ жай объектлериниң орнына олардың майданынан аз болмаған реновация бағдарламасына муўапық жаңадан қурылатуғын турақ жайлардан жасаўға таяр ҳалдағы квартираларды мүлк ҳуқықы тийкарында бериў ҳәм қурылыс дәўиринде көшиў, соның ишинде, басқа турақ жай объектин ўақытша ижараға алыў менен байланыслы қәрежетлерди толық қаплаў нәзерде тутылды.
Елимиздеги көп квартиралы турақ жай фондының дерлик қырық процентин еки-үш қабатлы жайлар қурайды. Бул статистиканың өзи реновация процеси қаншелли әҳмийетли екенин көрсетеди. Пәрман менен социаллық тараў объектлери ҳәм жасыл майданларға ийе заманагөй турақ жайлар қурыў ушын жетерлише имканиятлар жаратылады.
Икром Аввалбоев,
ӨзА ның хабаршысы