Әдиллик орнатылып, жумыслардың өз ўақтында көрилиўи тәмийинленеди

Мәмлекетимиз басшысы суд системасында коррупциялық қәўип-қәтерлердиң алдын алыў, әдил судлаўдың сапасы ҳәм нәтийжелилигин арттырыў бәрқулла дыққат орайында болыўы зәрүр екенлигин атап өтти.
Судлардың жумысына ҳәр қандай араласыў – бул әдил судлаўға сая салыў деп баҳаланыўы ҳәм бул бойынша сораў да, жуўапкершилик те қатты болатуғыны ҳаққында ҳәммени ескертти.

Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша миллий кеңестиң кеңейтилген мәжилисинде атап өтилген усындай пикирлер бойынша Ташкент қаласы суды баслығының орынбасары – экономикалық ислер бойынша судлаў коллегасының баслығы Иброҳим Алимов мүнәсибет билдирди:
– Президентимиздиң суд системасына байланыслы қатаң талап ҳәм усыныслары тараўға болған итибар болыўы менен бир қатарда әдил судлаўды сөзсиз тәмийинлеўге қаратылған ўазыйпа болып та есапланады.
Бул ўазыйпалардан келип шығып, кеше Жоқарғы суд баслығы республиканың барлық судларының судьялары ҳәм суд аппаратаның хызметкерлерине мүрәжат жоллап, онда суд системасын әдил, пәк кадрлар менен толықтырыў, олардың тәжирийбесин турақлы түрде арттырып барыў, сондай-ақ, суд ҳәкимиятының еркинлиги принципине әмел етиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Суд хызметкерлери тәрепинен немқурайдылық, бюрократизм ҳәм ҳәр қыйлы лаўазымынан пайдаланыўларды сапластырыў, судларда ислердиң өз ўақтында көрилиўин қадағалаўдың нәтийжели системасын жаратыў мақсетинде тараўды санластырыў, коррупциялық қәўип-қәтерлерди азайтыў ҳәм инсан факторын сезилерли дәрежеде қысқартыўға ерисип келинип атырғаны атап өтилди.
Заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын және де кеңнен енгизиў арқалы судлар жумысының ашық-айдынлығы ҳәм оперативлигин тәмийинлеў, суд ислерин алып барыў сапасы ҳәм халықтың әдил судлаўға ерисиў дәрежесин арттырыў жумысларының жетилистирилгени айтылды.
Президентимиздиң баянаты ҳәм Әдил суд баслығының мүрәжатына жуўап ретинде «Әдил судлаў – жәмийет абаданлығының тийкары» идеясы тийкарында бирлеспекте.
Келеси жумысымызда суд системасында коррупциялық қәўип-қәтерлердиң алдын алыў ҳәм бундай жағдайларға маўасасыз мүнәсибет толық қәлиплеседи.
Суд системасында әдиллик ҳәм пәклик орнатылып, судларда ислердиң өз ўақтында көрилиўи тәмийинленеди. Пуқараларды артықша әўере етпестен, немқурайдылыққа жол қоймастан судлар жумысының ашық-айдынлығы ҳәм тезлигин тәмийинлеўге ерисиледи.
Нызамлы ҳәм әдил қарарлар қабыл еткен ҳалда суд системасының абырайын және де арттырыў, халықшыл ҳәм әдалатлы суд системасын жаратыўда бар күш-ғайратымыз бенен мийнет етемиз.
ӨзАның хабаршысы
Норгул АБДУРАИМОВА
жазып алды