Бағманлар өз-ара кеңести

Ҳәзирги ўақытта елимизде «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде көклемзарластырыў ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылмақта. Мийўели ҳәм саяманлы терек нәллерин егиў, тереклердиң шақаларын қырқыў жумысларын агротехникалық қәделерге сай жүргизиўде тәжирийбели бағманлардың тутқан орны айрықша.
Қараөзек районы Мәденият аўыл пуқаралар жыйыны турғыны Әдилбай аға Қурбанбаев та усындай тәжирийбели бағманлардың бири. Пенсияға шекем аўылхожалығында жемисли мийнет еткен ол, 2018-жылы 34 сотых майданда бағ жаратып, онда 160 түптен аслам мийўели нәллер егип тәрбиялап киятыр.
-Ҳәзир қыйтақ жеримизде алма, ерик, шабдал, ғоза ҳәм 2,5 мың түптен аслам ақ тереклерди тәрбиялап атырмыз,-дейди Әдилбай аға.
Жақында Әдилбай аға Қурбанбаевтың қыйтақ жеринде аймақтағы аўыл жасы үлкенлери менен көше бийлериниң қатнасыўында мийўели бағ тәрбиясы бойынша семинар шөлкемлестирилди.
Онда аймақтың тәжирийбели бағманлары мийўе ҳәм саяманлы терек нәллерин егиў, сийреклетиў, оларды ҳәр қыйлы зыянкеслерден қорғаў, тереклердиң шақаларын қырқыў бойынша өз-ара тәжирийбе алмасты.




Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш. Өтемисов қатнасты ҳәм дийқанларымыздың алда турған ўазыйпалары бойынша шығып сөйледи.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы