Өзбекстан – Франция: Өз-ара бирге ислесиўдиң жаңа дәўири тарийхый нәтийжелер менен басланды

241

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Франция Республикасы Президенти Эммануэль Макронның мирәт етиўине бола 11-13-март күнлери мәмлекетлик сапар менен усы мәмлекетте болды.

Мәмлекетимиз басшысы 13-март күни Париж қаласындағы Бурбан сарайында Франция Миллий мәжилиси Баслығы Яэль Браун-Пиве менен ушырасыў өткерди.

Еки мәмлекет арасындағы парламентлераралық алмасыўды және де кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Бул сапар етиўдиң тарийхый әҳмийети, Өзбекстан ҳәм Франция арасында стратегиялық шериклик қатнасықлары орнатылғаны үлкен миннетдаршылық пенен атап өтилди.

Франция парламентиниң төменги палатасы басшысы Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған демократиялық өзгерислерди, ўәкиллик уйымларының роли, ҳаял-қызлар, балалар, жаслар ҳәм майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳәм экологиялық қәўипсизлик кепилликлери күшейгенин жоқары баҳалады.

Өзбекстан-Франция парламентлераралық форумын шөлкемлестириў ҳәм «жол картасы» тийкарында дослық топарларының жумысын қайта тиклеў мәселелери додаланды.

Өзбекстан жетекшиси Миллий мәжилис Баслығын усы жылы апрель айында Ташкент қаласында болып өтетуғын Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей ассамблеясында қатнасыў ушын мәмлекетимизге мирәт етти.

Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Ҳүрметли мийманлар китабында қол жазбасын жазып қалдырды.

Францияға мәмлекетлик сапар шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Париж қаласы мэри Анн Идальго менен ушырасты.

Сөйлесиў алдында мәмлекетимиз басшысы пайтахт мэрин жазғы Оимпиада ҳәм Паралимпиада ойынлары табыслы өткерилгени менен қызғын қутлықлады, сондай-ақ, Париж көшелеринен бирине Самарқанд атамасы берилгени ушын миннетдаршылық билдирди.

Өз гезегинде, Анн Идальго Өзбекстан басшысына олимпиада илажлары дәўиринде жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўде көрсетилген жәрдем ушын миннетдаршылық билдирди.

 

Ушырасыўда Өзбекстан Президентиниң бул сапары тарийхый нәтийжелер менен жуўмақланғаны –еки мәмлекет арасындағы көп тәреплемели байланыслар стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилгени үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

 

Ташкент ҳәм Париж арасындағы әмелий бирге ислесиў ҳәм алмасыўларды қол қойылған келисим тийкарында жеделлестириў мәселелери додаланды.

Қала қурылысын режелестириў, «жасыл» аймақлар қурыў, жәмийетлик транспортты  раўажландырыў, санластырыў, сондай-ақ, қала коомуникацияларын модернизациялаў ҳәм олардан турақлы пайдаланыў бойынша тәжирийбе алмасыў усылардың қатарына киреди.


Буннан тысқары, өз-ара көргизбелер, мәденият ҳәм көркем өнер күнлери, саяхатшылық ҳәм гастрономиялық фестивальлар өткериў мәселелери көрип шығылды.

Ушырасыў жуўмағында Париж көшелеринен бирине Самарқанд атамасы берилгенине бағышланған рәсмий мәресим болып өтти.


Мәмлекетимиз басшысы ҳәм Париж мэри Өзбекстан Президенти ҳүрметли мийман сыпатында Париж қаласында болғаны ҳаққындағы биргеликтеги ҳүжжетке қол қойды. Бул естелик жарлығы мэрия музейинде көрсетиледи.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Франция Республикасына тарийхый мәмлекетлик сапарының илажларға бай бағдарламасы жуўмағына жетти.

Мәмлекетимиз басшысы Париж қаласында Франция Президенти Эммануэль Макрон менен нәтийжели сөйлесиўлер өткерди.

Саммит жуўмағында Стратегиялық шериклик  қатнасықларын орнатыў ҳаққында биргеликтеги декларация, сондай-ақ, бирге ислесиўдиң ҳәр қыйлы бағдарлары бойынша келисимлердиң салмақлы топламы қабыл етилди.

Президентимиз Францияның жетекши компания, банк ҳәм шөлкемлериниң басшылары менен дөгерек сәўбетинде қатнасты. Улыўма баҳасы 6,5 миллиард доллар болған анық кооперациялық жойбарларды әмелге асырыўды нәзерде тутатуғын Инвестициялық ҳәм инновациялық тараўларда бирге ислесиў бағдарламасы қабыл етилди.

Еки тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыўға қосқан салмақлы үлеси ушын Өзбекстан Республикасы Президенти Франция Республикасының жоқары сыйлығы – Ҳүрметли легион ордени менен сыйлықланды.

ЮНЕСКО Бас директоры Одри Азуле менен сөйлесиўлерде бирге ислесиўди және де раўажландырыў перспективалары ҳәм шөлкем Бас конференциясының Самарқанд қаласындағы 43-сессиясына таярлық көриў мәселелери додаланды.

Сапардың илажлары жуўмақланғаннан соң, «Орли» халықаралық аэропортында мәмлекетимиз басшысын Франция спорт ҳәм жаслар министри Мари Барсак ҳәм басқа рәсмий шахслар шығарып салды.

ӨзА