Жойбарлар орнына шыққан ҳалда үйренилди

191

Бас прокурордың орынбасары Д.Касимов басшылығындағы жумысшы топар тәрепинен Қарақалпақстан Республикасында химия санааты тараўында сырт ел инвестициясының қатнасыўында әмелге асырылып атырған ири жойбарлардың ҳәзирги жағдайы орнына шыққан ҳалда үйренилди.

Атап айтқанда, Қоңырат районындағы «Қоңырат сода заводы» жуўапкершилиги шекленген  жәмийети тәрепинен әмелге асырылып атырған баҳасы 238 миллион АҚШ долларлық «Сода ислеп шығарыў қуўатлылығын кеңейтиў ҳәм басқа түрдеги өнимлер ислеп шығарыўды шөлкемлестириў» жойбары менен тиккелей инвесторлардың қатнасыўында танысылды.

Инвестицияларды өзлестириў есабынан кәрханада келешекте 250ден аслам жергиликли халық турақлы жумыс пенен тәмиийнлениўи ҳәм жылына 250 мың тонна сода ҳәм басқа түрдеги өним ислеп шығарылыўы режелестирилгенин атап өтиў зәрүр. Үйрениўде жуўапкерлерге жойбар шеңберинде әмелге асырылып атырған қурылыс жумысларын жеделлестириў бойынша тапсырмалар берилди.

Буннан тысқары, Кегейли районындағы баҳасы 6,3 миллион АҚШ долларлық «Кегейли берекет нәсилли қус» жеке меншик кәрханасының «Қусшылықты шөлкемлестириў» ҳәм «Lanko miya» жеке меншик кәрханасының «Қурылыс өнимлерин ислеп шығарыў» жойбарлары орнына шыққан ҳалда үйренилди.

Үйрениў даўамында усы кәрханалардың жумысында коммуникация тармағын тартыў, өнимлер ушын муўапықлық сертификатларын алыў ҳәм басқа  мәселелерге байланыслы машқалалар бар екенлиги анықланды. Бул машқалалардың тез пурсатта нызамлы шешилиўи бойынша жуўапкер уйым ўәкиллерине тапсырма берилип, орынланыўы қадағалаўға алынды.

ӨзА