Парламентлераралық байланыслардың перспективалы бағдарлары белгилеп алынды

Күни кеше Өзбекстан Республикасы Нызамшылық палатасының Спикери Нуриддин Исмоиловтың Россия Федерациясы Федераль Мажлиси Мәмлекетлик думасының Баслығы Вячеслав Володин басшылығындағы делегация ағзалары менен ушырасыўы болып өтти. Бул ҳаққында төменги палата баспасөз хызмети хабар берди.
Сөйлесиў алдында мийманларға мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, Нызамшылық палатасының нызам дөретиўшилиги бағдарындағы жумысы, палатаның комитетлери, комиссияларының тийкарғы ўазыйпалары ҳаққында толық мағлыўмат берилди.
Өз гезегинде, В.Володин шын кеўилден қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, еки мәмлекет арасындағы қатнасықлардың соңғы жыллары күн сайын кеңейиўи ҳәм беккемлениўи, ҳәр қыйлы тараўлардағы көп тәреплемели бирге ислесиўдиң раўажланыўында бақланып атырған турақлы унамлы тенденцияны қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Сондай-ақ, өз-ара қатнасықлардың жедел раўажланып атырғаны, Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы қатнасықлар жаңа форматқа ийе болғаны, бирге ислесиўдиң барлық бағдарларында өз-ара байланыслар жеделлесип, көп тәреплеме сөйлесиўлер беккемленип атырғаны атап өтилди.
Мийман Өзбекстанда барлық тараўларда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды жоқары баҳалап, Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен алып барылып атырған регионаллық байланысларды беккемлеўге қаратылған конструктивлик ҳәм ашық сыртқы сиясаты мақтаўға ылайық екенлигин билдирди.
Еки тәреплеме байланысларды раўажландырыўда әҳмийетли фактор болған парламентлераралық бирге ислесиўди және де кеңейтиў ҳәм сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў ҳәр тәреплеме пайдалы екени атап өтилип, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы менен Россия Федерациясы Федераль Мәжилиси Мәмлекетлик Думасының Бирге ислесиў бойынша парламентлераралық комиссиясының жумысын жетилистириў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Сөйлесиў даўамында парламентлераралық форумлар, партиялар ҳәм фракциялараралық сөйлесиўлер өткериў бойынша пикир алысылып, бирге ислесиўди раўажландырыўдың перспективалы бағдарлары белгилеп алынды.
М.Комилова,
ӨзА