Өзбекстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан Наўрыз байрамын биргеликте белгилейди

331

Өзбекстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан Наўрыз байрамын биргеликте белгилейди.

Бул ҳаққында Бишкекте болып өткен Қырғызстан ҳәм Тәжикстан басшылары арасындағы сөйлесиўлер ўақтында Садир Жапаров мәлим етти.

Қырғызстан президенти халықлар арасындағы исенимди беккемлеў әҳмийетли екенлигин, онда болса биргеликтеги мәдений илажлар айрықша орын ийелейтуғынын атап өтти.

– Усы жерде 31-март күни Хоженд қаласында белгиленетуғын Наўрыз байрамының әҳмийетин айрықша атап өтпекшимен. Мен мирәт еткени ушын миннетдаршылық билдиремен ҳәм қатнасатуғынымды тастыйықлайман. Наўрыз байрамын биргеликте белгилеў Орайлық Азия халықларының тынышлығы ҳәм бирлигиниң белгиси болған жақсы дәстүрге айланатуғынына исенемен,-деди Қырғызстан басшысы.

Өз гезегинде, Эмомали Раҳмон Садир Жапаровқа Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Өзбекстан президентлериниң Хожендте болып өтетуғын үш тәреплеме ушырасыўында қатнасатуғынын тастыйықлағаны ушын миннетдаршылық билдирди.

Атап өтилиўинше, илажда президентлер қатнасады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги