Тәжикстан ҳәм Қырғызстан шегара мәселесинде ақыр-ақыбетинде келисимге еристи

302

Бүгин, 13-март күни Бишкек қаласында Қырғызстан басшысы Садир Жапаров Тәжикстан президенти Эмомали Раҳмон менен шегара ҳаққындағы келисимге қол қойды.

Шәртнамаға бола, еки мәмлекет тең баҳаға ийе болған тартыслы аймақлар менен алмасқан ҳәм шегараны анық белгилеў бойынша келисимге ерискен. Бул шегараның узынлығы 980 км болып, сөйлесиўлер 2002-жылдан бери алып барылған. Бул мәселе көп қарама-қарсылықларға ҳәм жергиликли халық ҳәм әскерлер арасында соқлығысыўларға себепши болған.

«Бүгин биз еллеримиз арасындағы шегара бойынша тарийхый қарар қабыл етип атырмыз»,-деди Эмомали Раҳмон.

Сондай-ақ, Тәжикстан ҳәм Қырғызстан өз-ара ҳаўа қатнаўын тиклеў бойынша да келисимге ерискен.

Еки мәмлекет арасындағы шегара тартыслар себепли 2021-жылда жабылған ҳаўа қатнаўлары быйыл 14-март күнинен баслап қайта тикленеди. Мәлим етилиўинше, ҳаўа қатнаўлары «Душанбе-Бишкек» ҳәм «Бишкек – Хожент» жөнелислеринле шөлкемлестириледи.

Буннан тысқары, шегаралас аймақларында автобус қатнаўларының да жолға қойылып атырғаны мәлим етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги