Сенат: Суў қәўипсизлигине ерисиўге қаратылған нызам қабыл етиледи

Суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў, тийисли тармақ ҳәм тараўларға суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў, сондий-ақ, суўғарылатуғын жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў бойынша системалы илажлар әмелге асырылмақта.
Тараўда алып барылып атырған реформалардың нәтийжесинде өткен әсирдиң 90 – жылларына салыстырғанда суўды жумсаў жылына 64 миллиард метр кубтан ҳәзирги күнде орташа 51 миллиард метр кубқа шекем азайтылды.

Бирақ алып барылып атырған реформалар, жаңа раўажланыў стратегиясының қәлиплестирилиўи ҳәм соған сәйкес түрде суў қатнасықларының социаллық-экономикалық тийкарлары өзгертилиўи суўға байланыслы нызам ҳүжжетлерин қайта көрип шығыўдың зәрүрлигин келтирип шығармақта.
Сенаттың Аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология комитетиниң мәжилисинде сол ҳаққында сөз болды. Усы мақсетте ислеп шығылған «Өзбекстан Республикасының Суў кодексин тастыйықлаў ҳаққында»ғы нызам додаланды.

Нызам менен енди суў қатнасықлары тараўындағы тийкарғы ҳуқықый ҳүжжетлер Суў кодексинде системаластырылып атырғаны атап өтилди.
Нызамның қабыл етилиўи суўдан ақылға уғрас пайдаланыў, оны нәтийжели басқарыў ҳәм қорғаў және суў хожалығын узақ мүддетли раўажландырыў ушын ҳуқықый шараятлар жаратады. Сондай-ақ, елимиздиң суў қәўипсизлигине ерисиледи. Тараўға инвестицияларды тартыў ҳәм оны технологиялық модернизациялаў хошаметленеди.
Нызамның қабыл етилиўи халықаралық суў ҳуқықы нормаларын миллий нызамшылыққа сиңдириў ҳәм Өзбекстанның халықаралық майдандағы имиджин жақсылаўға хызмет етеди.
Сондай-ақ, мәжилисте «Ҳайўанларды идентификациялаў, дизимге алыў ҳәм бақлаў ҳаққында»ғы нызам да додаланды. Бул нызамның мақсети ҳайўанларды идентификациялаў, дизимге алыў ҳәм бақлаў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат
***
Халық депутатлары жергиликли кеңеслердиң аграр, суў хожалығы ҳәм экология мәселелери бойынша турақлы комиссияларының ағзалары ушын оқыў-семинар да өткерилди.
Семинарда турақлы комиссиялардың жумысын нәтийжели шөлкемлестириў, олардың тийкарғы бағдарлары бойынша анық режелерди белгилеў, ўәкилликли топарларда әҳмийетли мәселелерди додалаў ҳәм анық нәтийжелерге ерисиў бойынша тәжирийбе алмасылды.
Жергиликли кеңеслер ўәкиллериниң нызамшылықтағы жаңалықлар, өзгерислер бойынша билим ҳәм көнликпелерин арттырып барыў, тараўға байланыслы нызамларды көрип шығыўда олардың пикирлерин билиў зәрүрлиги айтып өтилди.
Сондай-ақ, егинлерди суўғарыўда суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў ҳәм тараўда жаңа жумыс орынларын жаратыў, қоршаған орталықты қәстерлеп сақлаў, жүзеге келип атырған машқалаларды өз ўақтында шешиў бойынша усыныслар ислеп шығыў сыяқлы ўазыйпалар белгилеп алынды.
Н.Абдураимова,
ӨзА