Өзбекстан – Франция: мақсетлер анық ҳәрекетлерге айланбақта

297

Өзбекстан Президентиниң Францияға мәмлекетлик сапары қызғын даўам етип атырған ҳәзирги ўақытта усы мәмлекет пенен көплеген тараўлар қатарында, медицина бағдарында да пайдалы келисимлерге ерисилмекте.

Атап айтқанда, сапар алдында Париж қаласында болып өткен «Өзбекстан-Франция» биринши медициналық форумы шеңберинде Франция денсаўлықты сақлаў министри Янник Нойдер мәмлекетимиздиң денсаўлықты сақлаў министри Асилбек Худоёров басшылығындағы делегацияны қабыллады. Бул ҳаққында ДСМ баспасөз хызмети хабар берди.

Сөйлесиў даўамында еки тәреплеме бирге ислесиў байланысларын жедел раўажландырыў мәселелери додаланды.

Мағлыўматларға бола, Франция денсаўлықты сақлаў системасы халық саламатлығының жоқары дәрежеси, медициналық хызметлерден пайдаланыў аңсатлығы, емлениў ушын гезеклер жоқлығы ҳәм пүткил халық тәжирийбели медициналық хызмет пенен қамтып алынғанлығы сыяқлы нормалар бойынша ЖДСШ рейтингинде жоқары орынларды ийелейди. Усы мәниде, бул мәмлекет пенен денсаўлықты сақлаў тараўында бирге ислесиў байланысларын беккемлеў пайдалы болып есапланады.

Министрлер арасындағы ушырасыўдың ең әҳмийетли бөлеги еки тәреплеме келисиў декларациясына қол қойылыўы болды.

Франция денсаўлықты сақлаў министри Янник Нойдердиң атап өткениндей, бул декларация өз-ара бирге ислесиўдиң биринши институционал басқышы болып, мақсетлерди анық ҳәрекетлерге айландырады.

Бул ҳүжжетте медициналық қәнигелер арасында тәжирийбе алмасыў, кеселликлерди ерте басқышта анықлаў ҳәм нәтийжели емлеўде жоқары технологиялық шешимлер, жасалма интеллект имканиятларынан пайдаланыў сыяқлы мәселелер сәўлеленген.

Сондай-ақ, делегациямыз сапар шеңберинде Францияның жетекши денсаўлықты сақлаў мәкемелериниң жумысы менен жақыннан танысты. Атап айтқанда, олар Париж қаласы жанындағы Сюрен қалашасында жайласқан коммерциялық емес оқыў емлеўханасы – Фош госпиталында болды.

Буннан тысқары, ўәкиллеримиз онкологиялық кеселликлерди емлеўге қәнигелестирилген, өз бағдарында Европада жетекши, дүньядағы ең жақсы медициналық мәкемелер онлығына кириўши Густав Русси институтының жумысы менен де жақыннан танысты.

ӨзА